“Бизнес клуб” жас исбилерменлерге жол ашып атыр

121

Қарақалпақстанда жаслардың исбилерменликке қызығыўшылығы барған сайын артып атырғаны жақында болып өткен “Бизнес клуб” кастингинде айрықша көзге тасланды.

Илаж ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанындағы “Ҳаял-қызлар қанаты” бөлими ҳәм “Жаслар келешегимиз” қорының Қарақалпақстан филиалы менен биргеликте Жаслар орайында шөлкемлестирилди.

Онда исбилерменликти баслаў нийетинде болған 250 ге шамалас жаслар қатнасып, олардың арасында 180 қыздың бар екенлиги ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлар арасында исбилерменлик ҳәм белсендилик артып атырғанын көрсетеди.

Жаслар комиссия ағзаларына өзлериниң инновациялық ҳәм алдағы бизнес идеяларын усынды. Усыныс етилген жойбарлар арасында жергиликли өним ислеп шығарыўды жолға қойыў, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған идеялар айрықша әҳмийетке ийе болды.

Кастинг нәтийжелерине муўапық, жүзеге шығарыў имканияты жоқары болған 40 болажақ исбилермен таңлап алынды. Олар “Бизнес клуб”тың ендиги мәўсиминде қатнасып, тәжирийбели қәнигелердиң басшылығында бизнес жүргизиў көнликпелери, финанслық режелестириў ҳәм базарда өз орнын табыў стратегияларын үйренеди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар ушын грант бағдарламалары ҳәм жеңиллетилген жойбарларда қатнасыў имканияты жаратылады.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, бул баслама жаслардың исбилерменлик жумысына болған қызығыўшылығын арттырыў, олардың алдыңғы идеяларын әмелиятқа енгизиў ҳәм заманагөй пикирлейтуғын жаңа әўлад исбилерменлерин таярлаўға қаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги