Өзбекстан ҳәм РФ аймақлары арасында 30 дан аслам шәртнамаға қол қойылды

Москва ўәлаятында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти. Россия делегациясына Ҳүкимет Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров, Өзбекстан тәрепине болса Бас министрдиң орынбасары Жамшид Хўжаев басшылық етти.
Москва ўәлаятында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти. Россия делегациясына Ҳүкимет Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров, Өзбекстан тәрепине болса Бас министрдиң орынбасары Жамшид Хўжаев басшылық етти.

Бул форум еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықтың жоқары дәрежесин және бир мәрте тастыйықлады.
Бүгинги күнде Өзбекстанның 14 ўәлаяты Россия Федерациясының 50 ден аслам субъекти менен байланыс орнатқан, биргеликтеги жойбарлардың улыўма баҳасы 6,2 миллиард доллардан артқан.
Мәжилисте саўда-экономикалық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы тараўындағы және мәдений-гуманитарлық шерикликти раўажландырыў мәселелери додаланды. Әсиресе, электрон саўда, биргеликтеги санаат кәрханаларын шөлкемлестириў, көтере саўда-бөлистириў орайларының санын арттырыў, сондай-ақ, мийнет базарында талап жоқары болған қәнигелер таярлаў ушын дуал билимлендириў системасын енгизиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Россия ҳәм Өзбекстан аймақлары арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық тараўларды қамтып алған 30 дан аслам ҳүжжетке қол қойылған бул илаж аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў жолында қойылған гезектеги исенимли қәдем болды.
Еслетип өтемиз, 2024-жыл 27-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм РФ Президентлери Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин басшылығында Аймақлар кеңесиниң биринши мәжилиси болып өткенин еслетип өтемиз. Сол ўақытта улыўма баҳасы 5 миллиард доллардан аслам шәртнамалар топламы ислеп шығылған.
Өзбекстан-Башқуртстан санаат паркиниң қурылысы декабрь айында басланыўы
мүмкин
Ташкент ўәлаятында қурылатуғын Өзбекстан – Башқуртстан биргеликтеги санаат паркиниң қурылысын усы жылдың декабрь айында баслаў режелестирилген. Бул ҳаққында Башқуртсан Республикасы басшысы Радий Хабиров еки мәмлекет ўәлаятлар кеңесиниң екинши мәжилисинде журналистлерге мәлим етти. Өткен жылы апрель айында Башқуртстан ҳүкимети делегациясының елимизге рәсмий сапары ўақтында “Ўзкимёсаноат” АЖ усы республиканың Раўажланыў корпорациясы менен бул бағдарда тийисли келисимге қол қойылған.
– Ташкент ўәлаятында санаат паркин шөлкемлестириў бойынша жумысты жеделлестириўимиз керек, себеби бизде резидентлер бар ҳәм бул жойбардан еки тәреп те мәпдар, – деди Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров. – Биз ушын жаратылып атырған шараятлардан қанаатланамыз. Декабрьде қурылыстың тырнағын қоямыз, деп үмит етемен. Улыўма, пүткил регион көлеминде әйне Өзбекстан менен бирге ислесиўимиз жедел раўажланбақта. Бул пәт өним алмасыў процесинде де сәўлеленбекте. Өз-ара саўда айланысы өткен жылға салыстырғанда 17 процентке артқан. Қуўанышлы тәрепи, 92 бәнттен ибарат “Жол картасы” менен беккемленген шериклигимиз системалы түрге енген.
Чувашия басшысы: Өзбекстан менен билимлендириў жойбарлары жолға қойылған
Чувашия Республикасы басшысы Олег Николаев Өзбекстан Республикасы менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў, атап айтқанда, өз-ара тил үйрениў бойынша сезилерли жетискенликлерге ерисилгенин мәлим етти.
– Бизге белгили, мийнет миграциясы бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады, – деди ол. – Өзбекстанда халық санының өсиў пәти жүдә жоқары екенин жақсы билемиз. Бул жағдай жасларды жумыс пенен тәмийинлеў зәрүрлигин күшейтеди. Биз Россия Федерациясында жумыс ислеў тилегин билдирген сырт еллилер тек ғана рус тилин билиўи емес, ал зәрүр көнликпеге де ийе болыўынан мәпдармыз. Соның ушын соңғы жылларда биргеликтеги билимлендириў жойбарлары жедел алға қойылмақта. Биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў тәжирийбе, билим алмасыў, тәжирийбе арттырыў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, шериклигимиз ҳәр еки тәреп исбилерменлериниң мәпине тийкарланған. Әйне усы процессте исбилерменлердиң тәшўиши, машқаласына итибар қаратамыз, сораўларына жуўап беремиз, ҳүжжетлерин рәсмийлестиремиз. Соң биргеликтеги илажларды ислеп шығып, зәрүр шешимлерди табамыз. Бул басламалар унамлы нәтийже бермекте.
Регион басшысы Чувашия Өзбекстанның үш ўәлаяты – Қашқадәрья, Бухара ҳәм Наўайы менен бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылғанын қосымша етти.
ӨзА