ЕА ўәкили: Коррупция ҳаққында хабар бериўшилерди қорғаў Өзбекстан ҳәм оның пуқаралары ушын оғада әҳмийетли

99

Ташкентте болып өтип атырған Коррупцияға қарсы форумда қатнасқан Европа Аўқамының Өзбекстан Республикасындағы делегациясы бирге ислесиў бөлиминиң баслығы Христос Маразопулос өз пикирлери менен ортақласты:

– Өзбекстандағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен коррупцияға қарсы қалай гүресиўимиз мүмкин екенлиги ҳаққында пикир алыстық.

Коррупция иллетине тек ғана Өзбекстанда емес, ал Европада да дус келемиз. Тийкарғы мақсетимиз – бул машқала менен қалай гүресиў ҳаққында.

Европа Аўқамы БМШ Раўажланыў бағдарламасындағы исенимли шериклеримиз биргеликте пуқаралардың исенимин беккемлеў ҳәм оларды коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бериўге хошаметлеўши нәтийжели шешимлерди табыў үстинде ислеп келмектемиз.

Европа тәжирийбеси соны көрсетеди, коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана сиясий тийкарғы ўазыйпа емес, ал экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайды ҳәм адамлардың турмысын жақсылаўға жәрдем береди.

Сол себепли, коррупция ҳаққында хабар бериўшилерди қорғаў Өзбекстан ҳәм оның пуқаралары ушын оғада әҳмийетли. Усы бағдарда таярланған нызам жойбарын жетик түрде қабыл етиў пайдасыз болмайды.

Н.Абдураимова,  

А.Алижонов (сүўрет), ӨзА