Өзбекстанда Пүткил жәҳән азық-аўқат форумының жаслар бөлими жумыс баслады

100

Италия пайтахты Рим қаласында БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) бас резиденциясында болып өтип атырған Пүткил жәҳән азық-аўқат форумы шеңберинде Өзбекстанның жаслар бөлими – “WFF Uzbekistan National YouthChapter” шөлкемлестирилгени жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен қатнасыўшыларға жаңа бөлим жумысының басланғанын тастыйықлаўшы сертификатлар тапсырылды.

Бөлимниң тийкарғы мақсети жаслардың даўысын күшейтиў, оларды турақлы азық-аўқат системаларын қәлиплестириў процесине тартыў, сондай-ақ, инновациялық, экологиялық ҳәм социаллық шешимлер арқалы аўыл хожалығын жаңа әўлад ушын тартымлы тараўға айландырыў болып есапланады.

Жаслар бөлими бул азық-аўқат қәўипсизлиги, турақлы аўыл хожалығы ҳәм климат басламалары тараўында жаслардың жетекшилигин раўажландырыўға қаратылған жаңа платформа болып есапланады. Бул тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында шөлкемлестирилген биринши Жаслар бөлими болып есапланады.

Баслама мәмлекеттиң аўыл хожалығы тараўында белсене ислеп атырған жас жетекшилер топары тәрепинен алға қойылған.

Жаслардың жумысы шеңберинде климат өзгериўине қарсы гүресиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жер деградациясының алдын алыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў және жаслардың халықаралық дәрежедеги аграр системаларда қатнасыўын кеңейтиў бағдарларында басламалар билдириледи.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзАның хабаршысы