Жасларға байланыслы мәселелер додаланды

150

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат шеңберинде барлық шөлкемлер ҳәм уйымлар тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясының гезектеги мәжилисинде Президентимиздиң “Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси додаланды.

Бул мәселе бойынша Жаслар ислери агентлиги ҳәм Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти тәрепинен әмелге асырылған жумыслар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Жаслар ислери агентлиги Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси менен биргеликте социаллық тармақларда көрсетиў ушын тәсиршең “Коррупция – келешекке қәўип” темасында қысқа метражлы видеоролик жаратылды.

Белсенди жаслар ҳәм жаслар жетекшилеринен ибарат болған коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық, ўәлаятлық ҳәм районлық (қалалық) жас үгит-нәсиятлаўшылар топарлары шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, волонтёрлық топарының ўәкиллери тәрепинен “Коррупция инсан абаданлығына қарсы жынаят” темасында үгит-нәсият илажлары әмелге асырылып, мәҳәллелердеги жаслар менен ашық пикирлесиўлер өткерилди.

Жаслар парламенти ағзалары да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда жаслар арасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға қаратылған бир қатар дөгерек сәўбетлери, семинар ҳәм тренинглерди шөлкемлестирди.

Жаслар орайлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде “Коррупция – келешек душпаны”, “Коррупция – келешекке қәўип” темалары шеңберинде 3,5 мыңнан аслам жаслар менен дөгерек сәўбетлери ҳәм ушырасыўлар өткерилди.

Сондай-ақ, мәжилисте жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда министрликлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар да додаланды. Атап айтқанда, Айрықша жағдайлар ҳәм Транспорт министрликлери тәрепинен жаслар бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматлары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Айрықша жағдайлар министрлиги системасында “Жаслар балансы” қәлиплестирилген. Жаслардың машқалаларын сапластырыў бойынша “Жол картасы” ислеп шығылған.

Жас қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў мақсетинде 2 мың 350 жастың қатнасыўында 12 мәрте тараўға байланыслы Брейн-ринг ҳәм викторина, 18 мәрте “Заковат” интеллектуаллық ойынлары өткерилген.

Сондай-ақ, министрлик ҳәм оның аймақлық басқармалары ҳәм қурамның структураларында 23 мәрте “китап оқыў” акциясы, 12 мәрте китапқумарлық кешелери шөлкемлестирилген.

Транспорт министрлигиниң мағлыўматына бола, транспорт ҳәм жол хожалығы тараўының 4 транспорт түри бағдары бойынша “Инновациялық идеялар” таңлаўы өткерилип, “Министр ҳәм жаслар” ушырасыўы шеңберинде усы таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды.

Соның менен бирге, Ташкент мәмлекетлик транспорт университетинде питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде “Карьера күни” мийнет ярмаркасы өткерилген.

М.Комилова, ӨзА