Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыў тенденциялары

140

Соңғы жыллары елимизде жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың тийкарғы факторларының бири сыпатында профессор-оқытыўшыларды илимий-изертлеўге бағдарлаў, олардың илимий потенциалын көтериў арқалы дүнья жүзлик илимий жәмийетшиликте, халықаралық абырайлы илимий-техникалық базаларда өз орнына ийе болыўына айрықша дыққат қаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, жоқары оқыў орынларының алдына раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин енгизиўде халықаралық критериялар тийкарында ислеп шығылып, жаңадан-жаңа талаплар ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң 2024-жыл 20-марттағы 76-санлы буйрығына тийкар, усы жылдың 22-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында филиалдың “Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыў тенденциялары” атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажға мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан тысқары, Россия, Қазақстан, Қырғыз Республикаларынан белгили илимпазлар, көркем өнертаныў бойынша излениўшилер, филиал  профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, конференцияның ашылыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Конференцияны филиал директоры ўазыйпасын атқарыўшы  Қ.Юсупов басқарып барды.

Онда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты “Көркем өнертаныў ҳәм мәденият таныў” кафедрасы профессоры, тарийх илимлериниң докторы Абдухалил Маврулов “Заманагөй шараятта мәденият феноменин үйрнеиўдиң өзине тәнлиги” атамасында, М. Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан университети “Улыўма тарийх ҳәм музей иси»  кафедрасы баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Гүлжан Отарбаева “Заманагөй китапханашы: дәстүр ҳәм инновациялар үйлесимлилиги” атамасында, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты “Мәденият ҳәм көркем өнер менеджменти” кафедрасы баслығы, Көркем өнертаныў илимлери бойынша философия докторы (PhD), доцент Сайфулло Икромов “Мәдений илажларды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў методларының заманагөй тенденциялари” атамасында, көркем өнертаныў илимлериниң кандидаты, Дина Нурпеисова атындағы Қазақ халық сазлары академиялық оркестри солисти Ақнар Шарипбаева “Қазақстан музыка тәлими системасында дәстүрий қобыздың орны ” атамасында, Қарақалпақстан халық бақсысы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы “халық дөретиўшилиги” кафедрасы баслығы, профессор Гүлбәҳәр Ахымбетова “Саз, сөз ҳәрекетлерди өзинде жәмлеген жанр” атамасында, Х.А. Яссауий атындағы халық аралық қазақ-түрк университети “Атқарыўшылық көркем өнери” кафедрасы үлкен оқытыўшысы Алымбай Ботакараев “Театр ҳәм музыка” атамасында, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы “Мәденияттаныўшылық” 2-басқыш магистранты Шахсанем Султамуратова “Кинематографияда генератив жасалма интелекттиң роли” атамасында баянатлар жасады.

Илажда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының бүгинги мәселелери, машқалалары ҳәм олардың шешими туўралы баҳалы пикирлер ҳәм усыныслар билдирилди.

Илаж филиал студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Әнжуман секцияларға бөлинген ҳалда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги