Институтта Өзбек тили байрамы белгиленди

104

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 36 жыллығы мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Тил билими ҳәм лингводидактиканың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция ҳәм байрам концерти шөлкемлестирилди.

Конференцияның ашылыў пленар мәжилисинде жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректор Қ.Қодиров сөзге шығып, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады.

Илажда филолог илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, жас излениўшилер, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда институттың қарақалпақ тили кафедрасының профессоры А.Пирниязова, өзбек тили кафедрасының доценти А.Султанова, усы кафедра докторанты А.Камалов өзбек тилиниң дүнья тиллери арасындағы орны, түркий тиллерди изертлеў мәселелери ҳәм лингвистиканың түрли тараўларына байланыслы баянатларын оқып берди. Атап өтилгениндей, буннан 36 жыл бурын, яғный 1989-жылы 21-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилип, өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халқымызға байрам қутлықлаўында келтирип өткениндей, соңғы жылларда елимизде өзбек тилин раўажландырыў, оның турмысымыздағы орны ҳәм тәсирин арттырыў бойынша жаңа басқыш басланды. Мәмлекетлик тилдиң абыройы ҳәм мәртебесин арттырыўға бағдарланған пәрман ҳәм қарарлар, нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди. Бул бағдарда 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепция ҳәм айрықша бағдарлама турмысқа енгизилмекте.

Конференцияда баянатшылар ҳәм сөзге шығыўшылар тәрепинен өзбек тилиниң дүнья тиллери арасындағы абыройын арттырыў, елимизде мәмлекетлик тил сыпатындағы мәртебесин, қолланылыўын буннан былай да жетилистириў, филология бағдарында жаңа бағдарларда илимий-изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде алдағы ўақытларда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да пикирлер билдирилди.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли, «Сый перде» ҳәм «Тараннум» ансамбльлери ағзалары, Филология факультетиниң қәбилетли студентлери, сондай-ақ, бирге ислесиўшил мектеп оқыўшылары атқарыўындағы байрам концерти менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги