Итибар ҳәм меҳир көриниси: Жаслар жаңа үйге ийе болды

113

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-5216-санлы қарарына тийкарланып, бағыўшысын жоғалтқан жасларымыз Мийирбек Реймов ҳәм Элбурьс Қадирниязовларға райондағы Есим мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан «Жаңа Өзбекстан массиви»нде қурылған турақ жайдан барлық қолайлықларға ийе еки ханалы үй саўға етилди.

Илажда район ҳәкими А. Баймуратов тийисли тараў басшылары менен бирге турақ жай ийелерине жаңа үйдиң гилтин тапсырып, оларға жақсы тилеклерин билдирди ҳәм ондағы жаратылған шараятлар менен танысты.

-Районымыз бойынша Президентимиздиң ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында быйылғы жылы 4 жасқа жаңа үйлерди саўға етиў режелестирилген, – дейди Қараөзек районлық Инсан социаллық хызметлер орайының балаларды социаллық қорғаў секторының баслығы Азамат Дәрибаев. –  Соннан бүгин Есим ҳәм Ата мәкан елатларында жасаўшы еки жасқа жаңа Өзбекстан массивинен еки үй сатып алып бердик. Сондай-ақ, Элбурьс Қадирниязов Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында мәмлекетлик жеңиллик пенен  грант бойынша оқыўға қабылланды. Бундай ийгиликли ислер районымызда еле даўам етпекте.

Илажда жаңа үй ийелери де Президентимиздиң жасларға жаратып атырған имканиятларына кеўиллери толып, Журтбасшымызға өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы