«Тақыятас балалар үйи»ниң жумысы тоқтатылды

114

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-ноябрьдеги «Балаларды социаллық қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги «Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды жайластырыў формалары бойынша айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының 2025-жыл 29-сентябрьдеги арнаўлы буйрығына муўапық, усы күнге шекем жумыс алып барып атырған «Тақыятас балалар үйи»ниң жумысы рәсмий түрде тоқтатылды.

Бул қарар балаларды социаллық қорғаў системасын реформалаў, оларды шаңарақлық орталыққа жақын шараятта тәрбиялаў ҳәм ҳәр бир тәрбияланыўшының жеке раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген, – дейди Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баспасөз хаткери Парахат Қазақбаев.

«Тақыятас балалар үйи»нде тәрбияланып келген балалар белгиленген тәртипте Нөкис қаласында жаңадан шөлкемлестирилген «Киши көлемли балалар үйи»не көширилди. Жаңа мәкемеде балалар ушын заманагөй билимлендириў, дем алыў ҳәм жеке қәбилетлерин раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Сондай-ақ, оларды жаңа орталыққа бейимлестириў, руўхый ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде тәжирийбели социаллық хызметкерлер, психологлар ҳәм тәрбияшылар жумыс алып бармақта.

Бул өзгерислер мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекетлик қорғаўға алыў системасын заманагөй басқышқа алып шығыў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдемлерден бири болып есапланады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги