Халықаралық дайджест

Қытай жаз айларында оптикалық талшықлы дронларды ислеп шығарыў ушын зәрүр болған тийкарғы компонентлер экспортын кескин арттырып, Россияға сезилерли жәрдем көрсетти. Бул ҳаққында статистикалық мағлыўматларға сүйенип, Washington Post хабар берди. Мәлим етилиўинше, бул жәрдем Украина қорғаныўын фронт шегарасында бастырыўға имканият берген. Гәп оптикалық талшықлы кабельлер ҳәм литий-ион батареялардың экспорты ҳаққында бармақта. Россия ҳәм Қытай ислеп шығарыўшылары арасындағы тығыз бирге ислесиў Москваға урыста әҳмийетли үстинлик бермекте.
Россияда болып турған 770 мың нызамсыз мигрант мәмлекетти тәрк етпесе, мәжбүрий депорт етиледи. Бул ҳаққында Россия Мәмлекетлик думасының баслығы Вячеслав Володин хабар берди. Мәмлекетте 5-февральдан баслап қадағалаў астындағы шахслар реестри иске түскен. Бул система Россия аймағында нызамсыз жасап атырған мигрантлар ҳаққындағы мағлыўматларды топлайды. Сегиз ай даўамында миграция нызамшылығын бузған дерлик 35 мың адам мәмлекеттен шығарып жиберилген. 1-сентябрь жағдайына бола, реестрде 770 мың адам дизимге алынған болып, олардың үштен бир бөлегин ҳаял-қызлар ҳәм балалар қурайды.
Түркия президенти Режеп Таййип Эрдоған түркий мәмлекетлер пуқараларын жумысқа жайластырыў тәртибин әпиўайыластырыўшы пәрманға қол қойды. Ҳүжжет 10-октябрь күни Resmî Gazete рәсмий хабаршысында жәрияланды. Енди Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан пуқаралары руқсатнама алыўдың қурамалы процесслеринен өтпестен Түркияда ислеўи мүмкин болады. Оларға мәмлекетлик ҳәм жеке меншик структураларда исбилерменлик және кәсиплик жумыс пенен шуғылланыўға руқсат берилди. Армия ҳәм қәўипсизлик мәкемелеринде хызмет етиў буған кирмейди.
Израиль тәрепинен тынышлық келисими бойынша азат етилген 154 палестиналы тутқын сүргин етилди. Бул ҳаққында Al Jazeera хабар берди. Тутқынлардың шаңарақ ағзалары жақынлары үшинши мәмлекетлерге сүргин етилиўинен наразы. ҲАМАС 13-октябрь күни 20 израильлы тутқындағыларды Израильға тапсырған. Еврей мәмлекети болса 154 қамақтағы адамларды сүргин етиўге мәжбүрлемекте.
Microsoft корпорациясы 14-октябрьден баслап Windows 10 операцион системасын қоллап-қуўатлаўды рәсмий түрде жуўмақлады. Енди Windows 10 пайдаланыўшылары система ушын қәўипсизлик, программалық тәмийнат жаңаланыўлары ҳәм техникалық жәрдем ала алмайды. Сол себепли компания Windows 11 версиясына өтиўди усыныс етпекте. Егер қурылма Windows 10 техникалық талапларына жуўап бермесе, Microsoft қосымша төлем есабынан Windows 10 ушын кеңейтилген қәўипсизлик жаңаланыўлары (ESU) бағдарламасын усынады.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА