ЕҚБШ Арал бойына шөлкемлестирилген гүзги экспедицияны қоллап-қуўатлады

95

ЕҚБШның “Турақлы раўажланыў тәжирийбеси ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша илажларды алға қойыў арқалы экологиялық қәўипсизликти беккемлеўге жәрдемлесиў” жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында жайласқан Судочье көлине гүзги илимий-әмелий экспедиция шөлкемлестирилди.

Экспедиция ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторының жәрдеминде Аралды қутқарыў халықаралық қоры Арал теңизи бассейни жойбарларын әмелге асырыў агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Илимлер академиясы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң жетекши илимпаз ҳәм экспертлери қатнасты. Дала жумыслары суў қәдди ҳәм шорланыў дәрежесин бақлаў, өсимликлер жағдайын тәрийиплеў, GPS – картограммасын дүзиў, биокөптүрлилик ҳаққында мағлыўмат жыйнаў ҳәм дәслепки таллаўды өз ишине алды. Қәнигелер әмелият даўамында заманагөй мониторинг усыллары, соның ишинде, биоиндикация – тири организмлердиң реакциясы тийкарында қоршаған орталық жағдайын баҳалаўдың нәтийжели қуралынан да пайдаланды.

– Судочье суў-батпақ экосистемасын мониторинг етиў тек ғана илимий емес, ал стратегиялық әҳмийетке ийе. Экспедиция нәтийжеси климат өзгериўи ҳәм антропоген факторлар тәсиринде жүзеге келген өзгеристи баҳалаў ушын тийкар болып хызмет етеди ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў және Аралбойындағы деградацияға ушыраған аймақларды тиклеў бойынша усынысларды қәлиплестириў имканиятын береди, – деп атап өтеди экспедицияға қосылған ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының координаторы, елши Антти Карттунен. Жойбар менеджери, Аралды қутқарыў халықаралық қоры Арал теңизи бассейни жойбарларын әмелге асырыў агентлигиниң хызметкери Аброржон Каримовтың сөзлерине бола, Судочьени мониторинг етиў тек ғана мағлыўмат жыйнаў емес, ал аймақтың турақлылығына үлес қосыў болып табылады. Әпиўайы көз бенен көриў мүмкин болмаған өзгерислерди дизимге алыў жуўмақларды анық шешимлер ушын тийкарға айландырыў имканиятын береди. ЕҚБШ жәрдеми себепли экспедиция жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип, барлық қәўипсизлик нормаларына толық әмел етилди.

ЕҚБШ 2016-жылдан берли Аралбойы аймағының биокөптүрлилигин мониторинг етиўде халықаралық фондқа жәрдем берип келмекте. Бул экспедиция Орайлық Азияда тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў ҳәм экологиялық турақлылықты раўажландырыў бойынша ири басламаның бир бөлеги болып есапланады. ЕҚБШ Өзбекстанға тек ғана Париж келисими ҳәм Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы конвенция шеңбериндеги халықаралық миннетлемени орынлаў мақсетинде емес, ал экологиялық басқарыўға заманагөй қатнасларды енгизиў ушын да жәрдем береди.

ӨзА