Миллий музыка билимлендириўинде жаңа басқыш

83

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында «Академиялық қосық атқарыўшылығы» атамасындағы оқыў қолланбасының презентациясы болып өтти.

Презентацияда қатнасқан профессор-оқытыўшылар, вокал көркем өнери тараўының қәнигелери филиалдың «Улыўма кәсиплик ҳәм социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы аға оқытыўшысы, «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси ийеси Бағдагүл Жақсымуратованың авторлығында шығарылған бул қолланба вокал шығармалардың тарийхы, атқарыў усыллары, вокал атқарыў техникасына тийисли мағлыўматлар, музыкалы шығармалар, шынығыў, вокализлер, ариялар, халық қосығы ҳәм тағы басқа мәселелер сөз етилгенлиги менен әҳмийетли екенин атап өтти.

Қолланба вокал көркем өнери академиялық қосықшылық қәнигелиги студентлери ушын мөлшерленген болып, тийисли жөнелистиң оқыў бағдарламасы тийкарында дүзилген. Онда вокал көркем өнери ушын жазылған шығармаларды теориялық ҳәм әмелий жақтан өзлестириўге тийкарғы дыққат қаратылған.

– Елимизде вокал музыка көркем өнери раўажланған бүгинги дәўирде бул қолланба студентлеримиздиң эстетикалық ҳәм көркемлик жақтан талғамын тәрбиялаўға үлкен жәрдем береди, – дейди филиал директоры Р.Алланбаев. –  Кәсиплеслеримизди жаңа китаптың жарық көриўи менен қызғын қутлықлап, Б.Жаксымуратованың алдағы дөретиўшилик жумысларына табыслар тилеймиз.

Китап презентациясы Вокал көркем өнери: академиялық қосықшылық қәнигелигиниң қәбилетли студент-жаслары атқарыўындағы жанлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги