Нур таратқан әўладлар сыйлықланды

85

Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың биринде халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет еткен нураныйлар менен ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Нураныйлар қоры басқарма баслығы С.Турдиев қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимизди және де раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысын тамийинлеў, көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин сақлаў, жасларымызды ана-Ўатанға садықлық руўхында тарбиялаўда пидайы хызмет етип атырған нураныйлардың мийнетлери салмақлы есапланады.

Өткерилген илажда тараў ветеранларының, нураныйлардың усындай ийгиликли хызметлери айрықша тилге алынды.

Сондай-ақ, халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет еткен бир топар нураныйларға Президентимиздиң арнаўлы қарары менен шөлкемлестирилген «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси, Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен «Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял» ҳәм «Ўатан пидайысы» кѳкирек белгилери тапсырылды.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарамасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги