Карантин хызмети: өнимлердиң фитосанитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе

116

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа таярлаў ҳәм оларды халықаралық фитосанитариялық талаплар тийкарында қадағалаўдан өткериў, экспортшылар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етиў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-турда ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине тараў қәнигелери тәрепинен карантин астындағы өнимлерди фитосанитариялық көзден өткериў процесслери, лабораториялық тексериў жумыслары ҳәм сертификатластырыў тәртиплери әмелий түрде көрсетилди.

Атап өтилгениндей, бул илаж елимизде аграр тараўының сыртқы саўда жумысларында әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў, өнимлердиң сапасын арттырыў ҳәм экспорт потенциалын беккемлеўге қаратылған жумыслар ҳаққындағы ашық мағлыўматларды кең жәмийетшиликке жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар “E-Fito” электрон системасы арқалы фитосанитариялық хызметлерди көрсетиў процеси менен де жақыннан танысты. Бул система арқалы өнимлерди электрон түрде дизимнен өткериў, сертификатластырыў ҳәм экспорт ушын руқсат бериў процесслери толық санластырылған болып, бул хызмет көрсетиўде тезлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлейди.

Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп Нөкис қаласындағы сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында болып, республикамызға импорт етилип атырған ҳәм экспортқа шығарылып атырған карантин астындағы өнимлерди қадағалаўдан өткериў процесслери менен танысты. Бажыхана аймағында фитосанитариялық инспекторлар тәрепинен үлгилер алыныўы, арнаўлы үскенелер жәрдеминде тезлик пенен мониторинг өткерилиўи ҳәм тийисли жуўмақларды рәсмийлестириў процесслери әмелий тәризде көрсетилди.

– Бажыхана постында карантин хызмети қәнигелери тийкарынан сырт еллерден келген карантин астындағы өнимлерди қадағалаўдан өткерип, сертификатлар таярлайды, – дейди сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты инспекторы Р.Ҳамидуллаев. – Ҳәзир көрип турғаныңыздай қәнигелер исбилерменлер тәрепинен Россиядан алып келинген ағаш өнимлерин тексериўден өткерди. Егер зыянкеслер анықланса, өнимлер дәриленип зыянсызландырылады.

Буннан соң ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери “Нөкис қалалық саўда комплекси” ҳәм “Хожели районындағы “Хожели агрологистика орайы”нда болып, экспортқа бағдарланған аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў шараятлары менен танысты. Бул жерде өнимлерден үлгилер алынып, агентликтиң көшпели лабораториясында фитосанитариялық тексериўлер өткерилди.

Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў, экспорт өнимлерин халықаралық талапларға муўапық қадағалаўдан өткериў, карантин объектлериниң тарқалыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар агентлик системасындағы алдынғы технологиялар, санластырыў арқалы хызмет көрсетиў имканиятлары менен де танысты.

Мағлыўмат ушын, быйылғы жыл басынан Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен 1691 халықаралық ҳәм 5563 ишки фитосанитариялық сертификат рәсмийлестирилген. Қарақалпақстан Республикасынан жәми 44,4 мың тонна аўыл хожалығы ҳәм мийўе-палыз өнимлери экспорт етилди. Тийкарғы экспорт бағдарларын Россия Федерациясы, Аўғанстан, Италия, Түркия, Қытай ҳәм Корея Республикасы қурайды.

Экспорт қурамының үлкен бөлегин боян тамыр, ун өнимлери, соблықлы ҳәм майлы өсимликлер, сондай-ақ, мийўе-палыз өнимлери қурайды. Бул өнимлер халықаралық базарда жоқары талапқа ийе болып, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Илажда қатнасыўшылар экспортшы кәрханалардың жумыслары менен таныстырылып, оларға фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеўде мағлыўмат системаларының әҳмийети, әсиресе “E-Fito,” “Agroko’makchi” ҳәм “Атыз қадағалаўы” сыяқлы платформалардың имканиятлары ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Қатнасыўылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги