Жәҳән чемпионлары күтип алынды

Усы жылдың 27-сентябрь – 3-октябрь күнлери аралығында жас өспиримлер, жаслар ҳәмде ересек спортшылар арасында Япония пайтахты Токио қаласында шотокан каратэ-до бойынша 17-жәҳән чемпионаты болып өтти.
Бул чемпионатқа дүньяның 30 дан аслам мәмлекетлериниң ең күшли спортшылары қатнасты. Кескин беллесиўлерге толы болған жарыста Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы 5 спортшы өз шеберликлерин көрсетип, төрт алтын, еки гүмис ҳәм еки қола медальларын жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, өткерилген жарыс жуўмағында Е.Умарова, А.Қуатбаева М.Имаматдинова, К.Бахтиярова ҳәм Ж.Имаматдиновлар жеңимпазлықты қолға киргизди.
– Шәкиртлеримниң қолға киргизген табысынан оғада қуўанышлыман, -дейди тренер Азиз Алиев. – Жәҳән чемпионлығын қолға киргизиў аңсат болмады. Спортшылар менен алып барған шынығыўларымыздың арқасында усындай үлкен нәтийжеге еристик. Соның ишинде бизлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған республикамыз басшыларына, спорт министрлиги ҳәм басқа да қәўендер шөлкемлерге айрықша рахмет айтаман.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги, Өзбекстан Республикасы Каратэ-до федерациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы спорт министриниң орынбасары А.Қалбаев, Нөкис районы ҳәкими З. Зайтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшыларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлап, оларға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы