Министрлик пидайы устазларды сыйлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигинде 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г. Кожабаева тараў пидайыларын байрам менен қутлықлады ҳәм соңғы жыллары билимлендириў тараўында жүз берип атырған жаңаланыўлар менен өзгерислерди, қарақалпақстанлы оқыўшы ҳәм муғаллимлердиң қолға киргизип атырған табыслары ҳаққында кең түрде айтып берди.
– Сизлердиң тынымсыз мийнетиңиз, пидайылығыңыз, келешегимиз болған жас әўладты тәрбиялаўдағы хызметлериңиз мақтаўға ылайық. Бүгинги күнде билимлендириў системасындағы реформалардың табыслы әмелге асырылыўы, бәринен бурын, сиз, әзиз муғаллимлердиң күш-ғайратыңызға байланыслы. Сизлерге беккем денсаўлық, турақлы табыслар, шаңарақлық бахыт ҳәм педагогикалық жумысыңызда тасқын табыслар тилеймен! – деди министр Г.Кожабаева.
Илаж даўамында тараўда жемисли мийнет етип атырған бир топар пидайы муғаллим ҳәм устазларға “Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў пидайысы”, “Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы” ҳәм “Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы” көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылды.

– Бүгин билимлендириў тараўындағы ислеген хызметлерим министрлик басшылары тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди, – дейди сыйлықланғанлардың бири Қоңырат районындағы Бәркамал әўлад мектебиниң директоры Мунира Матмуратова. – Буның ушын тараў басшыларына үлкен рахмет айтып, алдағы ўақытлары да оқыўшыларды заман талабына сай тәрбиялаў жолында аянбастан хызмет ете беремиз деп халқымызды исендирип қаламан.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы