Ел ырысқысына қол урған заправка анықланды

98

Тәбийғый газ ҳәм электр энергиясына болған талаптың артыўы системада ашық-айдынлықтың енгизилиўин талап етпекте. Әсиресе, бунда тәмийнатшының усы дереклерди жеткерип бериўи ҳәм тутыныўшы оннан қаншелли ақылға уғрас пайдаланыўы турақлы қадағалаўда болыўы зәрүр.

Бүгинги күнде Бас прокуратура тәрепинен республикада жанылғы-энергетика ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын анықлаўға қаратылған илажлар даўам етпекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында жайласқан “I.R.” ЖШЖға қараслы автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшасы тәрепинен 6 миллиард 400 миллион сумлық тәбийғый газ талан-тараж етилгени анықланды.

Тексериў нәтийжесинде шақапшаның газ есаплаў үскенелерине сыртқы тәсир көрсетилиўи ақыбетинде есаплағыштың есаплаў механизми дурыс ислеўине тәсир еткенлиги мәлим болған.

Бул жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги