Медицина тараўына жумысқа орналастырыў менен шуғылланыўшылар усланды

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм ИИМ хызметкерлери биргеликте коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында оператив илажлар өткермекте.
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери менен биргеликте өткерилген усындай илажлар даўамында Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының хызметкери З.К. пуқара А.А.ны усы филиалға жумысқа жайластырыўды ўәде етип, оннан 32 миллион сумды пара сыпатында алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги