Жаңа китап презентациясы болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында өткерилген Наржан Атабаеваның «Муҳаббат мәргиясы» атамасындағы жаңа китабының презентациясына бағышланған илажда студент-жаслар, әдебият ықласбентлери жыйналды.
Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Бахытлы Сарыбаев, «Авангард» баспасының редакторы Надира Қайыпбергенова ҳәм басқалар сөзге шығып, жаслардың мәнаўиятын көтериўде китап оқыў мәдениятының орны ҳәм әҳмийетин, халқымызды китапқумар миллетке айландырыў жолында елимизде зәрүрли барлық илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Төрт повестьтен ибарат китапта аналық, перзентлик, дослық, туўысқанлық байланыслары, туўылған жерге, халқына ҳәм ярға деген меҳир-мухаббат сезими жырланады. Турмыслық ўақыялардан алып жазылған шығармалар китаптың тартымлығын ҳәм өмиршеңлигин тәмийинлеп берген. «Шахзада Мәлик, нөкер Сәдир ҳәм Ығлымхан сөкшиниң баласы», «Қатша», «Оғылнабат», «Муҳаббат мәргиясы» повестлери бүгинги күн жасларына үлги боларлықтай ағла сезимлер ҳәм пазыйлетлерди улығлайды.
Автор өзиниң қаҳарманларын жақсы ямаса жаман, деп ажыратпайды. Оқыўшы китапты оқып отырып пикирлейди, талқылайды, қаҳарманлардың әтирапында жүз берип атырған ўақыяларды жанлы сүўретлерде көреди ҳәм соңында өзи жуўмақ шығарады.
Автордың повестьлери ҳәм гүрриңлеринен ибарат «Бул – Мухаббат еди…», «Гүллердиң бир данасы», «Гүзги марафон» китаплары өткен жыллар даўамында көп китапқумарлардың кеўлинен жай алды.
– Усы китапханада 2-12-сентябрь күнлери аралығында «Китап ҳәм китапқумарлық ҳәптелиги» өткерилмекте, -дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы факультети студенти Назира Яқыпбаева. – Ҳәптелик себеп жаңа баспадан шыққан китаплар менен танысып, көркем өнер, мәденият ҳәм спорт тараўлары ўәкиллери менен ушырасыў бахтына миясар болып атырмыз.

Презентация даўамында Н.Атабаеваның дөретиўшилик жолы ҳәм жаңа китабы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги