Депутат аймақ турғынлары менен ушырасты

101

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған аймақтағы “Бағшылық” мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди. Ушырасыў халықтың турмыслық машқалалары ҳәм усынысларын тыңлаў, орынларда бар мәселелерди шешиў бойынша әмелий илажлар көриў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Мәҳәлледе болып өткен ушырасыўда депутат халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў, пуқаралардың машқалаларын орнында үйрениў ҳәм оларды тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешиў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Илаж даўамында жаслардың билим алыўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Халық тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлар депутат тәрепинен  дизимге алынды. Айырым мәселелер бойынша жуўапкерлер сол жердиң өзинде байланысқа шығып, оларды шешиўдиң әмелий механизмлери додаланды. Соның ишинде, айырым социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша анық режелестирилген илажлар белгилеп алынды.

А.Реймов  ушырасыў жуўмағында, депутатлық жумыстың ең тийкарғы ўазыйпасы – халықтың дәрти ҳәм машқаласына бийпәрўа болмаў, оларды орнында тыңлап, шешим табыўға жәрдемлесиў болып есапланады. Бүгинги ушырасыўда алға қойылған барлық мәселелер әлбетте үйренилип, тийисли уйымлар менен биргеликте шешилиўи тәмийинленеди,” – деди ол.

Илаж соңында мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар депутатқа өз миннетдаршылығын билдирип, бундай ушырасыўлар халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы қатнасын күшейтиўи, мәҳәллелерде социаллық белсендиликти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги