Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жетинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жетинши сессиясы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкимет ағзалары, қала, район ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары туўралы» мәселе көрип шығылды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ийелеп турған лаўазымынан босатылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 47-санлы «Санаат» сайлаў округинен депутат Раджапбай Купалбекович Нуразизовтиң кандидатурасы усыныс етилди.


Усынылған талабанның кандидатурасын депутатлар көрип шықты ҳәм қоллап-қуўатлады.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 4-бәнтине муўапық, жасырын даўыс бериў жолы менен Раджапбай Купалбекович Нуразизов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына сайланды.
Сессияда Р. Нуразизов шығып сөйлеп, билдирилген исеним ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги