Өзбекстан ҳәм Финляндия: Санластырыў тараўында бирге ислесиў жаңа басқышқа  шықпақта

156

Пүткил дүньяда санластырыў процесслери жедел өтип атырған бир шараятта Өзбекстанның Финляндия сыяқлы алдыңғы тәжирийбеге ийе мәмлекетлер менен бирге ислесиўи тараўда жаңа имканиятлар есигин ашатуғыны сөзсиз.

Усы мақсетте санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Финляндияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илкка Ряйсянен менен ушырасыў өткерди. Ушырасыў алдынан IT Park Uzbekistan тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, келешектеги режелер, сондай-ақ, IT хызметлери экспортында ерисилген нәтийжелер ҳәм оларды және де арттырыў мәселелери ҳаққында презентация өткерилди.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда, Финляндия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде санлы жалғаныў сиясатын раўажландырыў, тараўдағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў ҳәм Европадағы бирге ислесиўшилер – Финляндия, Франция және Балтық мәмлекетлери менен байланысларды күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, министр Европа мәмлекетлери менен өз-ара қатнасықлар раўажланып атырғанын атап өтти. Япония, Корея, Қытай ҳәм Саудия Арабстаны компаниялары менен бирге ислесиў байланыслары кеңейип атырғаны, көплеген абырайлы халықаралық IT компаниялары IT Парк резидентине айланып атырғанын атап өтти. Министр Европа мәмлекетлери менен де усындай бирге ислесиўди және де жедел жолға қойыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын қосымша етти.

Ушырасыўда, сондай-ақ, мәмлекетте жаслар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў, олардың IT тараўындағы имканиятларын арттырыў ҳәм сол арқалы IT хызметлери экспортының географиялық имканиятларын кеңейтиў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Финляндия компанияларын Өзбекстанға тартыў, инвестициялық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм бул процесслерде елшихана имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша да пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Финляндияның бирге ислесиўи тек ғана технологиялық раўажланыў емес, ал жаслар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў ҳәм мәмлекеттиң глобал бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Нигора Раҳмонова, ӨзА