Жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған басламалар әмелге асырылмақта

134

Жәмийетте тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў – ҳәр бир пуқараның турмысында үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, бүгинги күнде мәҳәллелерде жынаятшылықты азайтыў ҳәм оның алдын алыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында мәҳәллелердеги криминоген жағдайды жақсылаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде Әмиўдәрья районында кең көлемли басламалар әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте район ҳәкими С.Хўжаметовтың басшылығында халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўлер шөлкемлестирилмекте. Бундай ушырасыўлар районның “Босув,” “Дослық,” “Чордара” ҳәм “Дурунки” мәҳәллелеринде болып өтти. Оларда район ҳәкими, оның орынбасарлары, тийисли шөлкемлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм пуқаралар белсене қатнасты.

Ушырасыўлар даўамында ҳәким халық пенен ашықтан-ашық сөйлесип, жынаятшылықтың алдын алыў тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал ҳәр бир пуқараның да жуўапкершилигинде екенин атап өтти. Мәҳәлле – улыўма үйимиз, оны тыныш ҳәм қәўипсиз сақлаў болса ҳәммемизге бирдей тийисли ўазыйпа екени айрықша атап өтилди.

Илажларда жәмийетлик тәртипти сақлаў, жаслар арасында түсиник жумысларын күшейтиў, жумыссызлыққа қарсы гүресиў, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларға орнында шешим табыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Пуқаралар тәрепинен көтерилген мәселелер ҳәким ҳәм жуўапкер басшылар тәрепинен тыңланып, бир қатар машқалалар бойынша анық илажлар белгилеп алынды. Бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер районның барлық мәҳәллелерин қамтып алған ҳалда басқышпа-басқыш даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги