Жаңа орай жаслардың сүйикли дәргайына айланады

126

Мәмлекетимизде жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи, абадан турмыс кешириўи ушын шараят жаратыў жолында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, елимиз раўажланып атырған бир ўақытта шетки аймақларда да заманагөй, қолайлы ҳәм жаслар ушын имканиятларға бай орынлар қурылмақта.

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласының Халықлар дослығы мәҳәллесинде заманагөй нормалар тийкарында қурып питкерилген Жаслар орайы пайдаланыўға тапсырылды.

Орайда шет тиллерин үйрениў, компьютер саўатлылығы, менталь арифметика, сүўретлеў көркем өнери, тигиўшилик, тоқыўшылық, миллий өнерментшилик сыяқлы кәсип-өнер дөгереклери шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, “Book cafe”, “Заковат” клубы, шашка ҳәм шахмат дөгереклери, IТ ҳәм робототехника сабақлары, инклюзив кәсиплик билимлендириў дөгереклери ҳәм коворкинг орайы жумыс алып барады.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, бул орай жаслардың баслама ҳәм идеяларын бирлестириў, жаңа жойбарлар таярлаў, жигит-қызларды исбилерменликке үйретиў, өз-ара додалаўлар майданын жаратыў, ҳәр қыйлы тараўларда шеберлик сабақларын өткериў ушын сүйикли орынға айланады.

Гулноза Бобоева,

ӨзА