Фермерлерге заманагөй комбайнлары тапсырылды

202

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-февральдағы «2025-жыл өними пахта шийки затын машиналарда терип алыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары елимизде пахташылықты раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли ҳүжжет болды десек алжаспаған боламыз.

Атап айтқанда, усы қарар талаплары бойынша, быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасында аймақлардың аўыл хожалығы техникасына болған зәрүрлигинен келип шығып, пахташылыққа қәнигелескен кластер ҳәм фермер хожалықлары ушын лизинг тийкарында 60 дана заманагөй пахта териў комбайнларын жеткерип бериў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалында усы комбайнларды салтанатлы түрде тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған реформаларды кең түрде атап өтип, республикамызға алып келинген бул жаңа комбайнлар тек ғана фермерлер ушын емес, ал, пүткил Қарақалпақстан халқы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ҳәм ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығына мүнәсип саўға болғанлығын айрықша атап өтти.

Илажда Түркия ҳәм Қытайда ислеп шығарылған заманагөй комбайнлардың гилтлери фермер хожалықларына салтанатлы түрде тапсырылды.

-Шымбай районы Бахытлы аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Қудайберген-Гүлдана» фермер хожалығында механизатор болып ислеймен,-дейди Баҳадыр Омаров.-Хожалығымызға жаңа техникалар тапсырылып атырғанынан қуўанышлыман. Енди усы комбайн жәрдеминде хожалығымызда жетистирилген зүрәәтти терип алып, республикамыздың пахта қырманына өзимиздиң үлесимизди қосамыз, деп халқымызға ўәде беремиз.

Әлбетте, республикамызға алып келинип атырған бундай жаңа комбайнлар пахта териў процессин әдеўир тезлестирип, фермерлердиң мүшкилин жеңиллестиреди. Бул болса, өз гезегинде, фермерлердиң ўақтын үнемлеп, дәраматын арттырыў ҳәм Қарақалпақстан экономикасының раўажланыўына хызмет етеди, деп исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы