Депутат сайлаўшылардың машқаласын орнына барып үйренди

190

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде халық, атап айтқанда, сайлаўшылар менен турақлы пикирлесиў, оларды ойландырып атырған машқалаларды шешиў депутатлардың сайлаў округлериндеги жумысының тийкарғы бағдарына айланды. Ҳәзир олар ҳәр айдың ақырғы ҳәптесинде халық пенен пикирлесип, бар машқалаларға шешим излемекте.

Усы көзқарастан, буннан былай тек ғана бар машқала ҳәм кемшиликлерди үйрениўимиз емес, ал жәмийетлик турмыстың әҳмийетли тараўларындағы шешилиўи керек болған мәселелерге халықтың пикири ҳәм мәплерин есапқа алыўымыз, адамларды разы етиў жолында және де көбирек мийнет етиўимиз, ең әҳмийетлиси, халқымыздың исенимин ақлаўымыз зәрүр.

Президентимиздиң “Депутатқа исеним – халыққа исеним” деген сөзлери депутатлардың абырайын арттырып, олардың халық арасында айрықша орны бар екенлигин көрсетип берди. Енди депутат палатада отырып емес, халық арасында жүрип, өзи белгилеп берген жол картасы тийкарында жумыс ислемекте.

Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова да Хожели районында болып, сайлаўшылардың машқала ҳәм усынысларын, пикирлерин тыңлаў мақсетинде райондағы Тынышлық мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары менен ушырасты.


– Мәҳәллемизде 3 мыңнан аслам адам жасайды,-дейди Тынышлық МПЖ баслығы Қ.Реймов. – Мәҳәллемиз шарўашылық, қусшылық ҳәм хызмет көрсетиўге бағдарланған.

Мәҳәллемизге 16 көше киретуғын болса, соннан Олимпиада ҳәм Парахатшылық көшелериниң суў қубырлары 1976-жылы тартылған. Мине 49 жылдан берли суў қубырлары гөнергенлиги себепли ҳәзирги күнде Олимпиада көшесиниң 48 шаңарақ 500 метр ҳәм Парахатшылық көшесиниң 54 шаңарақ 1 км. суў қубырларын жаңадан тартыў керек. Бүгин халық ўәкили мәҳәллемизге келип, усы машқаланы орнында үйренип, пуқаралар менен де сөйлесип, мүрәжатты ҳәр тәреплеме үйренип шықты. Райондағы тийисли шөлкем ўәкиллери менен де сөйлесип, депутат тәрепинен машқала қадағалаўға алынды ҳәм сапластырыўға келисип алынды.

Халық ўәкили райондағы 6-санлы мектепте де болды. Усы мектептеги быйылғы оқыў жылына таярлық жумыслары ҳәм жумысы менен жақыннан танысты. Бул мектепте 1 мың 114 оқыўшыға 98 тәжирийбели педагог муғаллимлер сабақ береди. Быйылғы оқыў жылына да санаўлы күнлер қалды. Ҳәзирги күнде оқыў жылына таярлық жумыслары алып барылмақта. Президентимиздиң басламасы менен “Кәсипке үйретиў” тәртибине муўапық мектепте оқыўшылар ушын компьютерде программаластырыў, гүл өсириў, қосық айтыў, тоқымашылық, шет тиллерин үйрениў, робототехника, тигиўшилик, көркем дөретиўшилик, заковат клубы сыяқлы бағдарлар бойынша да жумыс алып бармақта.

Халық ўәкили усы мектептиң жумысы менен жақыннан танысып, келешегимиздиң мийрасхорларын тәрбиялаўда билим бериўде оқыўшы педагог устазлардың мийнети үлкен екенлигин атап өтип, оларды жақынласып киятырған ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы менен қутлықлап, устазлардың пикир-усынысларын тыңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги