Жаңа оқыў жылына бағышланған әнжуман

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде «2025-2026-оқыў жылына таярлық ҳәм билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар» атамасында баспасөз конференциясы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Қожабаева, министрдиң биринши орынбасары А.Даулетбаев, министрдиң орынбасары М.Шлымбетова, министрликтиң бөлим баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Қожабаева билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берип, өткен оқыў жылында тараўда қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлерге айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, илажда республикамыздың билимлендириў системасындағы көрсеткишлер, билимлендириўдиң сапасына енгизилип атырған жаңалықлар, тараўдағы ерискен жетискенликлер ҳәм халықаралық нәтийжелер, 2025-2026-оқыў жылында алға қойылған тийкарғы ўазыйпалар бойынша кең түрде сөз етилди.
Өткерилген илаж даўамында журналистлер тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар сораўлар берилип, оларға министрлик басшылары тәрепинен жуўап берилди.






Әнжуманда ашық-айдынлық ҳәм бирге ислесиў орталығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул болса билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың кең жәмийетшилик ушын және де ашықлық принципи тийкарында әмелге асырылыўына хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги