Сенатта халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў мәселесине итибар қаратылды

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде Энергетика министрлигиниң тутыныўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырып атырған жумысларының жағдайы додаланды.
Мәмлекетимизде халықтың турақ жайлары, өндирис кәрханалары ҳәм социаллық тараў объектлерин электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў бағдарында избе-из жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.
Электр тәмийнаты тармақларын модернизациялаў, жаңа энергия қуўатлықларын пайдаланыўға тапсырыў ҳәм тутыныўшыларға электр энергиясын үзликсиз жеткерип бериў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

2024-жылы электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 2016-жылға салыстырғанда 22,5 миллиард кВт саат ямаса 38 процент көп болған. 2024-жылы тутыныўшыларға 2016-жылға салыстырғанда 21,8 миллиард кВт саат ямаса 48 процент көп электр энергиясы жеткерип берилген.
Соның менен бирге, 2025-жылы төмен күшлениўли 4 мың 530 километр узынлықтағы электр узатыў тармақларын ҳәм 1 мың 756 трансформатор пунктин жаңалаў режелестирилген. Өткен дәўир даўамында 5 мың 829 километр узынлықтағы электр узатыў тармақлары ҳәм 1 мың 854 трансформатор пункти жаңаланған.
Республикамызда 220-500 кВ қуўатлылыққа ийе 91 киши станция ҳәм 12,5 мың км электр узатыў тармағынан нәтийжели пайдаланылмақта.
Сондай-ақ, 35-110 кВ қуўатлылықтағы 1 мың 851 киши станция ҳәм 278,5 мың километр тармақ және 97,9 мың трансформатор пункти арқалы тутыныўшыларға электр энергиясы жеткерип бериледи.

2021-2024-жылларда электр тармақларын раўажландырыў шеңберинде қуўатлылығы 110-500 кВ болған 1 мың 310 километрлик электр узатыў тармақлары қурылып, жоқары күшлениўли киши станциялардың қуўатлылығы 9 мың 348 МВАға арттырылды. 38 мың 51 километр электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 11 мың 914 трансформатор пунктиниң жаңаланыўы нәтийжесинде 8 мыңнан аслам мәҳәллениң электр тәмийнаты жақсыланыўына ерисилген.
Додалаў даўамында сенаторлар еки басқышлы системаға өтиў, үнемли үскене ҳәм қуяш панеллерин орнатыў және тараўды санластырыў бағдарындағы жумысларға да айрықша итибар қаратты.
Мәжилис жуўмағында тараўды жетилистириўге қаратылған қарар қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА