РФ әскерлери Украина аймағына киргени тастыйықланды

Украина армиясы биринши мәрте Россия әскерлери шығыс санаат орайы есапланған Днепропетровск ўәлаяты аймағына киргенин тастыйықлады. Днепр оператив-стратегиялық әскерлер топары ўәкили Виктор Трегубов BBC хабаршысына берген интервьюинде былай деди:
– Бул Днепропетровск ўәлаяты аймағындағы биринши кең көлемли ҳүжим. Биз қолымыздан келгенинше оларды тоқтатып атырмыз.

Россия жаз мәўсиминиң басынан бул аймаққа киргенин айтып келеди. Украина дереклери болса руслар тек ғана еки аўыл – Запорожье ҳәм Новогригорьевка шегарасына кирген болыўы мүмкин екени, Бас штаб бул хабарды да бийкарлап, урыс даўам етип атырғанын билдиргени ҳаққында жазған.
Бизге белгили, Днепропетровск урыстан алдын 3 миллион халық жасайтуғын, Донбассдан кейин Украинаның ең ири аўыр санаат орайы еди. РФ бул ўәлаятқа рәсмий даўагерлик етпесе де, аймақтағы ири қалалар, соның ишинде Днепр турақлы түрде ракета ҳүжимине ушырамақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Россияның бул жерге кириўи Украинаға руўхый жақтан аўыр соққы бериўи мүмкин.

Трамп-Путин ушырасыўы ўақтында дипломатиялық процесс бираз төменлегени де итибарға ылайық. АҚШ жетекшиси жақында Аляскада россиялы кәсиплеси менен ушырасып, кейин ала Вашингтонда Зеленский менен сөйлесиў өткерди. Ол енди еки жетекшини бир дөгерекке шақырмақта.
Нәтийжеде, Россия СИМ басшысы Сергей Лавров басқаша баянат берди:
– Күн тәртиби таяр емес, ҳеш қандай ушырасыў режелестирилмеген!
Европа Аўқамының сыртқы сиясат басшысы Кая Каллас аймақларды Москваға бериў бойынша келисимди “қақпан” деп атады. Зеленский болса Батыс аўқамласларынан урыстан кейинги анық қәўипсизлик кепиллигин талап етпекте. Британия Бас министриниң ўәкиллери Лондон Украинаға әскер жибериўге таяр екенин билдирип, Патшалық әскерлери тек ғана урыстан кейинги тынышлықты сақлаўға хызмет ететуғынын қосымша етти. Германия канцлери Фридрих Мерц болса “Зеленский сөйлесиўге таяр, енди Кремльдиң гезеги”, деди.
Украина ҳүкимети ер адамлар ушын белгиленген мобилизация шеклеўин жумсартты. Енди 18-22 жастағы жигитлер мәмлекеттен еркин шығып кетиўи ҳәм мәмлекетке қайтып кириўи мүмкин.
Мусулмон Зиё, ӨзА