Нызамшылықта белгиленген имканиятлар ҳәм жеңилликлер түсиндирилди

126

Быйыл 13-август күни Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тоқымашылық тараўында экспорт имканиятларын ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша болып өткен мәжилисте өзине түсер баҳасы, өндирис ҳәм экспорт бойынша шешимлер ислеп шығыў, “бажыхана аймағында қайта ислеў” режими арқалы таяр өним экспортын 2 есеге арттырыў, кооперацияны күшейтип, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды саламатландырыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Берилген тапсырмалардан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары О.Махмадалиев Қанлыкөл районында жайласқан тоқымашылық кәрханасында болып, “бажыхана аймағында қайта ислеў” режимин қолланыў арқалы өндирис көлемин арттырыў бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиник жумысларын алып барды.

Бүгинги күнде бул кәрханада 600 ге шамалас жергиликли турғынлар турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Кейинги 3 жыл даўамында кәрхана Түркия, Россия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерге 23 миллион 3699 мың АҚШ доллары баҳасындағы 8541 тонна ийирилген жип өнимин экспорт еткен.




Ушырасыў даўамында бажыхана жуўапкерлери тәрепинен кәрхана басшысына “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң абзаллықлары түсиндирилип, режимнен пайдаланған ҳалда келешекте кәрхананың экспорт потенциалын және де арттырыў имканиятлары әмелий мысалларда көрип шығылды. Тоқымашылық тараўы ушын нызамшылықта жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги