Және бир жасқа турақ жайдың гилти тапсырылды

148

Елимизде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарындағы реформалар ҳәр бир аймақта өз нәтийжесин көрсетпекте. Бул процессте жәмийеттиң итибар ҳәм ғамхорлыққа мүтәж қатламы – ата-анасынан ерте айырылған жасларға айрықша итибар қаратылмақта. Олардың материаллық ҳәм руўхый тәмийнаты, билим алыўы, кәсип ийелеўи, жумыс ҳәм турақ жай менен тәмийинлениўи сыяқлы мәселелер мәмлекет мойнына алынған.

Усы мақсетте 2025-жыл даўамында Беруний районында 8 ата-ана қарамағынан айырылған жасларды турақ жай менен тәмийинлеў белгиленген. Бүгин районда және бир жасқа мәмлекет ғамқорлығының әмелий көриниси сыпатында бир ханалы, барлық қолайлықларға ийе турақ жай тапсырылды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Инсан социаллық хызметлер орайы Беруний районы бөлими тәрепинен Сухроб Юлдашевқа Тоқимачи мәҳәллесинде берилген бул квартира, байрам алдынан оның ушын үлкен саўға болды. Ҳәзир студентлик дәўирин басынан өткерип атырған, илим тараўында жоқары шеклерди гөзлеп атырған С.Юлдашев келешекте өз қәнигелиги бойынша жетик кадр сыпатында елимизге хызмет етиў тилегин билдирди.


– Маған Президентимиздиң тапсырмасы менен 1 бөлмели жай тапсырылды ҳәм мен буннан оғада қуўанышлыман. Көрсетилген ғамхорлық ушын миннетдаршылық билдиремен. Мен ушын бул байрам алдынан үлкен саўға болды, – дейди ол.

Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли жумыслар, әлбетте, ҳәр бир жастың кеўлинде үмит ҳәм исеним оятады, келешекке исеним менен умтылыўға руўхландырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги