“Мәртлик мектеплери” пән бағдарлары бойынша қәнигелигин арттырыў курслары басланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-ноябрьдеги «Оқыўшы-жасларды шақырыўға шекемги дәслепки таярлық системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде, 2025-жыл 18-августтан баслап Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында “Мәртлик мектеплери” пән бағдарлары бойынша муғаллимлердиң кәсиплик потенциалын арттырыўға қаратылған қәнигелигин арттырыў курслары басланды.
Мақсет – мәмлекетимиз жасларын әскерий-ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлер руўхында тәрбиялаў, олардың санасына тынышлық ҳәм татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў зәрүрлигин терең сиңдириў, барлық бағдарларда билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша белгиленген кең көлемли ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўдан ибарат.
2025-2026-оқыў жылынан баслап улыўма орта (Президент, дөретиўшилик, қәнигелескен билимлендириў мәкемелери) билимлендириў шөлкемлеринде шақырыўға шекемги басланғыш таярлық пәниниң абырайын арттырыў ҳәм ШШБТ басшыларының жумысын муўапықластырыў бойынша жаңа система енгизиледи. Онда, республикада “Ўатан тәғдирине байланыслылық сезими, белсенди турмыслық позиция” принципи тийкарында жаңаланған ШШБТ пәниниң оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықларын жаратыў, билимлендириў шөлкемлеринде ШШБТ пәни ҳәптесине еки сааттан оқытылыўын белгилеў, онда таяныш оқыў режесинде 10-11-классларға ҳәптесине бир сааттан қосымша жүклеме киргизиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Бул курслар шеңберинде қатнасыўшыларға заманагөй педагогикалық қатнаслар, алдынғы тәжирийбелер, пәнлерди оқытыўда инновациялық методлар, сондай-ақ, оқыўшыларда ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм жәмийетлик белсендиликти қәлиплестириў бойынша әмелий көнликпелер берилиўи режелестирилген.

Курслар 2025-жыл 22-августқа шекем даўам етеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги