Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым категориядағы шаңарақлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым категориядағы шаңарақларды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық:
а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында субсидия алыўшыларға артезиан қудығын қазыў, суў насосларын орнатыў және ишимлик суўы фильтрлерин сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлерин қаплаў хызмети “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасы арқалы көрсетиледи;
б) “БМСҚ” АЖда артезиан қудығы қазыў хызметлерин көрсетиў, суў насосы ҳәм ишимлик суўы фильтрин сатыў және орнатыў халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын исбилерменлик субъектлери реестрине киргизилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылады. Исбилерменлик субъектлери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен “БМСҚ” АЖда киргизилген ғалабалық офертаны тастыйықлаў арқалы Реестрге бийпул ҳәм ықтыярый тийкарда киргизиледи;
в) субсидия алыўшылар тәрепинен артезиан қудығын қазыў, суў насослары ҳәм ишимлик суўы фильтрлерин сатып алыў ҳәм орнатыў хызметлери “БМСҚ” АЖ арқалы еркин таңланады ҳәм сатып алынады;
г) субсидия алыўшылардың артезиан қудығын қазыў, суў насослары ҳәм ишимлик суўы фильтрлерин сатып алыў және орнатыў қәрежетлериниң 90 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарының 30 есесине шекемги бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан субсидия ажыратылады. 2025-жылы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қәрежетлердиң қалған бөлеги усы илажларға қаратылады;
2026-жылдан баслап бул илажларды қаржыландырыў ушын қаржылар Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бюджет ҳаққында”ғы Нызамында нәзерде тутылады.
Субсидия алыўшыларға субсидия төмендеги шәртлердиң барлығы бир ўақыттың өзинде орынланған жағдайда ажыратылады:
субсидия алыўшылардың турақ жайында артезиан қудығы қазыў хызметлери, суў насосы ҳәм суў фильтрин сатыў ҳәм орнатыўға байланыслы жумыслар Реестрге киргизилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылған болса;
субсидия алыўшылар тәрепинен артезиан қудығы қаздырылып, суў насосы ҳәм ишимлик суўы фильтр орнатылғаны ҳаққындағы усы шаңарақлар жасайтуғын мәкан пуқаралар жыйынының баслығы ҳәм тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги және Хорезм ўәлаяты Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы бас басқармасының жуўапкер ўәкиллери тәрепинен орнына барған ҳалда жуўмақ рәсмийлестирилген болса;
Усы қарар менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы айырым категориядағы шаңарақларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеде:
субсидия алыўшылар тәрепинен электрон саўда платформасы арқалы артезиан қудығын қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суўы фильтрлерин сатып алыў бойынша буйыртпалар бериў;
субсидия алыўшылардың турақ жайында артезиан қудығы қазылғаны, суў насослары орнатылғаны ҳәм ишимлик суўы фильтрлери сатып алынып, орнатылғанын үйрениў;
субсидия алыўшыларға олардың жасайтуғын жеринде артезиан қудығын қаздырыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суўы фильтрлерин сатып алып, орнатыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби белгилеп берилген.
ӨзА