Жаслардың басламалары қоллап-қуўатланбақта

Жаслардың басламасын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларына шешим табыў мақсетинде Әмиўдәрья районы ҳәкими С.Хўжаметовтың қатнасыўында жас исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти.
Ушырасыўда коммерциялық банк ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, жаслар жетекшилери ҳәм белсенди исбилермен жаслар қатнасты. Банклердиң ўәкиллери тәрепинен жаслар ушын бар финанслық имканиятлар, кредитлер, жеңиллетилген бағдарламалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Жаслар өз машқала ҳәм усынысларын тиккелей жуўапкерлерге жеткериў имканиятына ийе болды. Жер майданын ажыратыў, кредит мәселелери, имаратлар менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелер көрип шығылды. Айырым машқалаларды ушырасыўдың өзинде шешиў илажлары көрилди.
Илажда салық жеңилликлери, субсидиялар ҳәм инвестиция имканиятлары ҳаққында да түсиниклер берилди. Ушырасыў жаслар исбилерменлигин раўажландырыўға хызмет етип, жаңа жумыс орынларын жаратыўға түртки болады.

– Ушырасыўдың тийкарғы әҳмийети сонда, жас исбилерменлер өз идеяларын әмелге асырыў жолында әмелий жәрдем алды, бар тосқынлықларды сапластырыў бойынша анық бағдарлар белгилеп алынды. Бул болса аймағымызда жаслар исбилерменлигин раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли экономикаға жаңа түртки бериўде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди,-дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы Ч.Арслонова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги