Байрам алдынан Тақыятаста үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта

156

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан Тақыятас районында да кең көлемли реформалар алып барылып, қурылыс тараўында үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, районның ишки жоллары, соның ишинде  Шараф Рашидов көшесиндеги өзгерислерди көрип кеўлиң қуўанышқа толады.

Ҳәзирги ўақытта Басламалы бюджет жойбары шеңберинде район аймағындағы 4 мәҳәлле аймағынан өтиўши ишки жоллардың 1 кмден зыят бөлегинде асфальтлаў жумыслары жуўмақланды.

Мағлыўмат ушын, район бойлап 8 лот 7,6 км жолда қара қапламалы асфальт төсеў режелестирилген. Бул жол тек ғана әпиўайы жол емес, ал бул жолдан өтиўши пуқаралардың қәўипсизлигин  тәмийинлейди.

Усындай унамлы өзгерислер қатарында ишимлик суў тармағындағы авариялық жағдайларды сапластырыў мақсетинде ески суў қубырлары да жаңасына алмастырылмақта. Сондай-ақ, Абат мәкан мәҳәллеси аймағында  120 метр аралықта  реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, байрам алдынан район халқының абаданлығы ушын заманагөй түнги жақтыландырыўлар, видеобақлаў қурылмалары, қәўипсиз жолларды да қурыў белгиленген.  Район бойлап жәми 1 км аралықтағы ески қубырлар жаңа қубырларға алмастырылады. Бул арқалы ишимлик суў жеткерип бериўдеги машқалалар сапластырылып, авариялық жағдайлардың алды алынады.






Район орайында қурылып атырған «Креатив парк» қурылысы қызғын даўам етпекте.  Улыўма жер майданы 18 гектарды  қурайтуғын паркте  жаслар бағы, фонтанлар, мәдений-ғалабалық илажлар ушын майдан ҳәм сахна, амфитеатр, 10 нан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, балалар ойын майданшасы, аттракционлар орын алыўы және суў бассейни шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Қызғын пәт пенен алып барылып атырған бул илажлар байрам алдынан район халқы ушын жоқары кейпият бағышлап, жаратылып атырған қолайлықлар байрамға  мүнәсип саўға болары сөзсиз.

 

                                                                     Г.Турдышова,   Қарақалпақстан хабар агентлиги