Байрам алдындағы илажлар даўам етпекте

205

Бүгинги күнде жәмийеттиң раўажланыўының тийкарғы факторы – пуқаралардың билимли, белсенди ҳәм кең дүньяқарасқа ийе болыўы болып есапланады. Инсанларды руўхый ҳәм интеллектуаллық жақтан раўажландырыўға қаратылған ҳәр қандай баслама айрықша әҳмийетке ийе. Бундай илажлар арқалы тек ғана билим сыналады емес, ал түрли тараў ўәкиллери арасында өз-ара аўызбиршилик, тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў орталығы пайда болады.

Беруний районында өткерилген “Руўхыйлық кубоги” ушын “Заковат” интеллектуаллық ойыны да мине, усындай әҳмийетли басламалардан бири болды. Онда түрли шөлкем ҳәм кәрханалар, мәҳәлле жетилиги ҳәм билимлендириў мәкемелеринде мийнет етип атырған белсендилер қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

“Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы” мүнәсибети менен “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын” сүрени астында шөлкемлестирилген бул “Заковат” интеллектуаллық ойыны жоқары дәрежеде өтти. Бул беллесиў ҳәр бир қатнасыўшыға билим ҳәм ақылын сынаў менен бирге, жаңа идеялар менен илҳамланыў ҳәм пуқаралық белсендилигин арттырыў имканиятын да берди.

Нәтийжелерге бола, биринши орынды Жаслар ислери бөлими ийеледи. Екинши орынға СЕО ҳәм ЖСБ командасы, үшинши орынға болса Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими қурамындағы “Манавият посбонлари” командасы мүнәсип болды.


Бундай илажлар халық арасында билим ҳәм мәнаўиятты хошаметлеўде әҳмийетли орын ийелейди. “Заковат” ойыны болса бул бағдардағы ең нәтийжели платформалардан бири болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги