Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары арасындағы таңлаў

Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Соңғы жылларда жеке меншик университетлердиң саны сезилерли дәрежеде артып, олардың дүнья билимлендириў стандартларына бейимлесиўи ҳаққында көплеген пикир-таласлар жүзеге келмекте. Бирақ айырым социаллық қатламларда жеке меншик жоқары оқыў орынларының келешеги ҳаққында көплеген гүманлар, дипломның баҳасы ҳәм университетлердиң жабылып кетиў қәўпи ҳаққында қәўетер бар.
Мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары узақ жыллық тарийхқа ийе болып, көплеген жетик қәнигелерди таярлаған. Бул олардың раўажланыўындағы ең әҳмийетли абзаллық болып есапланады. Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылыўы нәтийжесинде болса, оқыў баҳасы арзан ҳәм стипендиялар да бар. Бул университетлерде илимий-изертлеў жумыслары раўажланған, илимий жойбарлар ҳәм грантлар жедел қоллап-қуўатланады.
Мәмлекет тәрепинен белгиленетуғын билимлендириў стандартлары ҳәм қадағалаў системасының бар екенлиги сапаны қадағалаў имканиятын береди.

Кемшиликлерине келсек, айырым мәмлекетлик университетлерде билимлендириў бағдарламалары заманагөй талаплар ҳәм базар талапларына бейимлесе алмай атырған болыўы мүмкин. Бундай жоқары оқыў орынларында дәстүрий ҳәм теорияға тийкарланған методикалар көп қолланылады, әмелий көнликпелерге итибар аз болыўы мүмкин. Студентлер санының көплиги сапа қадағалаўын төменлетиўи мүмкин.
Көплеген жеке меншик университетлер жаңа, дүнья стандартларына сәйкес билимлендириў бағдарламаларын енгизбекте ҳәм әмелий бағдарларға итибар берилмекте. Оқыў процесинде заманагөй технологиялар, интерактив методлар кеңнен қолланылады. Оқыў бағдарламалары тез жаңаланады, студентлер ушын қәнигелик арттырыў ҳәм қосымша курслар шөлкемлестириледи. Студент пенен индивидуал жумыс көбирек болады, киши топарларда оқыў имканияты жаратылады.

Көпшиликке сыр емес, айырым жеке меншик университетлер ушын финанслық қыйыншылықлар ямаса басқарыў машқалаларының бар екенлиги, гейде университетлердиң жабылыў қәўпин келтирип шығарады. Өзиниң қысқа тарийхы себепли, гейде жеке меншик университет дипломлары жумыс бериўшилер арасында жетерли дәрежеде ҳүрметке ийе болмаўы мүмкин. Мәмлекет тәрепинен билимлендириўдиң сапасы ҳәм университеттиң жумысын турақлы қадағалаў да гейде жетерли емес.
Өзбекстанда жеке меншик жоқары оқыў орынларының келешеги ҳаққында көплеген надурыс түсиниклер бар. Диплом баҳасыз болыўы ямаса университет жабылыўы мүмкин деген қәўетерлер айырым шаңарақларда кең тарқалған. Бирақ ҳәзирги жеке меншик университетлердиң көпшилиги дүнья стандартларына сәйкес билимлендириў системасын енгизбекте, халықаралық аккредитацияларды алыўға умтылмақта.
Көпшилик жеке меншик университетлер Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен рәсмий дизимнен өткерилген ҳәм дипломлары мәмлекет тәрепинен тән алынады. Университеттиң жабылыў итималы ҳәр қандай шөлкем ушын бар, бирақ сапалы басқарыў ҳәм финанслық турақлылыққа итибар қаратыў менен бул қәўипти азайтыў мүмкин. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде жеке меншик жоқары оқыў орынлары билимлендириў тараўында әҳмийетли рол атқарады ҳәм жоқары сапаны тәмийинлейди. Мысал ушын, дүньяның ең белгили ТОП-10 университетлеринен бири болған Станфорд университети де жеке меншик жоқары оқыў орны болып есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, бул университетте билимлендириў системасы ең жетекши болып есапланады ҳәм соған жараса Стенфордта оқыўды қәлеген студентлерден жоқары стандарттағы билим ҳәм көнликпелер талап етиледи.
Соңғы жыллары Өзбекстанда да мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелерине болған талап артып бармақта. HEMIS системасы мағлыўматларына бола, 2024-жылы ең көп студентке ийе жеке меншик университетлер дизими де жәрияланған.
Мысал ушын, Ташкент Химия халықаралық университети, Азия халықаралық университети, Алфраганус ҳәм Әмелий пәнлер университетлери усылардың қатарына киреди. Жоқары оқыў орынларындағы билимлендириўдиң сапасы ҳәм студентлердиң саны мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары менен биймәлел бәсекилесе алады.
Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес университетлердиң ҳәр бири Өзбекстанда өз орнына ийе. Мәмлекетлик университетлер турақлылық ҳәм дәстүрий сапаны тәмийинлесе, мәмлекетлик емес университетлер инновациялар ҳәм заманагөй билимлендириў системасын раўажландырыўға хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, жоқары билимлендириў таңлаўында ҳәр бир студент өзиниң мақсетлери, қәбилети ҳәм финанслық имканиятларын есапқа алып, дурыс қарар қабыл етиўи зәрүр.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА