Пуқаралардың мүрәжатлары үйренилмекте

251

Жәмийетте инсан мәплери биринши орында турады. Соның ушын да мәмлекетлик уйымлар халық пенен тиккелей байланыста болып, пуқаралардың машқалаларына шешим табыўға ҳәрекет етпекте.

Төрткүл районында ҳәр ҳәптениң сийшемби ҳәм жума күнлери район ҳәкими тәрепинен пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестириледи. Ҳәкимниң тиккелей халық пенен ушырасыўлары азанғы саат 08:00 ден 09:00 ге шекем болып өтеди. Бул қабыллаўларда орынлардағы машқалалар ҳәм халықты ойландырып атырған мәселелер бойынша мүрәжатлар үйренилип, тийисли илажлар көриледи, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Район ҳәкими И.Худайбергенов тәрепинен гезектеги қабыллаў Халық қабыллаўханасы имаратында өткерилди. Қабыллаў даўамында ҳәр қыйлы бағдарлардағы мүрәжатлар көрип шығылды ҳәм ҳәр бир мәселе бойынша жуўапкерлердиң қатнасыўында додалаўлар өткерилди.

Пуқаралар тәрепинен жумыссызлық мәселеси, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм дурыслаў, социаллық жәрдем, ҳуқықый мәсләҳәт, турақ жайларды оңлаўда жәрдем бериў, емлениў ушын дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда мүрәжатлар билдирилди. Ҳәр бир мүрәжат бойынша орнында үйрениў жумыслары алып барылып, жуўапкер шөлкемлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги