Республикамызда быйыл 800 гектар мийўели бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў белгилеп алынған

211

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, журналистлер Тақыятас районындағы Кенегес аўыл пуқаралар жыйынында жумыс ислеп атырған бағшылық пенен шуғылланыўшы фермер хожалықларына алып барылды.

Тақыятас районында жәми 55 субъектте 218 гектар мийўели бағ ҳәм 8 гектар жүзимзарлық бар екенлигин атап өтиўимиз керек.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери дәслеп, “Туреев Султамурат бий” фермер хожалығында болып, оның жумыслары менен танысты. Бул фермер хожалығының улыўма жер майданы 227 гектар болып, тийкарынан пахта, ғәлле жетистириў бағдарында жумыс алып барады. Быйыл ол бийдайдан 70-80 центнерден өним алып, жақсы нәтийже көрсеткен. Буннан тысқары, фермер хожалығы тәрепинен 7 гектар жерде мийўели бағ пайда етилип, 1 гектар жерге жүзим отырғызылып усы атызларынан жақсы өним алмақта.

– Мен жүзим нәллерин Ферғана ўәлаятынан алып келип отырғызып едим. Жергиликли нәллер де көп. Жылда жақсы өним берип атыр. Өнимлеримизди тийкарынан ишки базарға шығарып сатып атырмыз. Жигирмалаған мәўсимлик жумысшыларды жаллап, бағлардың тәрбиясын берип атырмыз,-дейди фермер С.Туреев.

Кейинги мәнзил, усы аўылдағы “Аўезниязов Қурбанбай” фермер хожалығының атызлары болды. Бағшылыққа қәнигелескен бул фермер хожалығының улыўма жер майданы 10,5 гектар болып, жәми 10,5 гектар майданға мийўели бағ жаратылған. Бағқа тийкарынан алма, шабдал, алмурт ҳәм ерик нәллери егилген болып, 2 тийкарғы ҳәм 8 мәўсимлик жумыс орынлары жаратылған. Мийўе ағашларының арасы да бос қойылмай, бағ қатар араларына мәш, гүнжи егип өним алады екен.

Журналистлер алып барылған және бир “Жалайыр” фермер хожалығының улыўма жер майданы 135 гектар болып, ол да тийкарынан пахта, ғәлле бағдарында жумыс алып барады екен. Буннан тысқары, фермер хожалығы тәрепинен 8,5 гектар мийўели бағ жаратылған болып, тийкарынан шабдал ҳәм алма егилген.

Бул жерлерде қәнигелер тәрепинен аўыл хожалығы хызметкерлериниң, фермерлердиң жумысларын жеңиллетиў, атап айтқанда, сертификатланған жүзим ҳәм мийўе нәллерин сатып алыў, өнимлерин экспортқа шығарыў ушын жаратылып атырған мүмкиншиликлер, кредит алыў бойынша жеңилликлер ҳәм басқа да шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.




– Республикамыз районларындағы барлық категориядағы хожалықларда жәми 7,4 мың гектар (соннан, фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында 4337 гектар, халықтың қыйтақ жерлеринде 3041 гектар) мийўели бағлар ҳәм 1,5 мың гектар жүзим атызлары (соннан, фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында 690 гектар, халықтың қыйтақ жерлеринде 830 гектар) болып, соннан 5,2 мың гектар бағ ҳәм 1,1 мың гектар жүзим атызлары бүгинги күнде өним берип келмекте. Бул майданлардан 2025-жылы жәми 76 мың тонна мийўе ҳәм 15 мың тонна жүзим өнимлерин жетистириў прогноз етилген болып, 33,5 мың тонна мийўе ҳәм 4,1 мың тонна жүзим өнимлери жетистирилди,-дейди Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Х.Ачилов.

Республикамызда 2025-жылы 800 гектар мийўели бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў белгилеп алынған. Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен бәҳәр мәўсиминде 469 гектар майданда мийўели бағлар ҳәм 108 гектар жүзим бағлары жаратылды. Атап айтқанда, Төрткүл районында 62,2, Беруний районында 40,2, Елликқала районында 56,0, Әмиўдәря районында 76,0, Тақыятас районында 15, Хожели районында 23,3, Шоманай районында 12,5, Қанлыкөл районында 20,2, Қоңырат районында 3,8, Нөкис районында 57,4, Кегейли районында 16,5, Бозатаў районында  5,5, Шымбай районында 15, Қараөзек районында 15,2, Тахтакөпир районында 50,3 гектар мийўели бағлар, Төрткүл районында 17,0, Беруний районында 10,2, Елликқала районында 27,8, Әмиўдәрья районында 25,7, Тақыятас районында 2,0, Хожели районында 5,3, Қанлыкөл районында 1,0, Нөкис районында 5,0, Кегейли районында 4,5, Бозатаў районында 2,8, Шымбай районында 5,0, Тахтакөпир районында 1,5 гектар жүзимзарлар жаратылды.

Буннан тысқары, Агросанаатты раўажландырыў агентлиги тәрепинен бағшылық ҳәм жүзимгершилик бағдарындағы фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларын финанслық қоллап-қуўатлаў шеңберинде 2025-жылдың усы күнине шекем 2 аўыл хожалығы кәрханаларына жүзим нәллерин шпалларға көтериў ушын жәми 96,4 миллион сум муғдарында субсидия қаржылары ажыратып берилди. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги