Суўдан үнемли пайдаланыў ҳәр биримиздиң миннетимиз

Соңғы жыллары елимиз дийқанларын суўдың там-тарыслығы менен байланыслы жағдай қәўетерге салмақта. Соларды есапқа алып, соңғы жыллары мәмлекетимизде суў ресурсларынан пайдаланыў түп-тийкарынан реформаланбақта. Тийкарғы мәселе – суўдан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўға қаратылған. Суўғарылып дийқаншылық етилетуғын барлық егислик майданларын толық суўды үнемлейтуғын технологияларға өткериў, тараўға базар механизмлерин кеңнен енгизиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген фермер ҳәм дийқанлар ушын хошаметлеў механизмлерин және де көбейтиў илажларының көрилиўи реформалардың тийкарғы бағдары болып есапланады.
Быйылғы мәўсимде республикамызда 397 мың гектар егислик жерде суўғарыў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, бул ушын деректен жәми 4 млрд. 230 млн. м3 суў алыў лимити ажыратылған.
Биз Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов пенен сәўбетлесип, министрлик тәрепинен аўыл хожалығында суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыў, оның ысырапгершилигин азайтыў ҳәм суўды үнемлеўге қаратылған илажлар ҳаққында қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Бахтияр Абдуллаевич, соңғы жылларда Президентимиз ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманларға тийкарланып суўды мақсетли жумсаў, үнемли пайдаланыў, ысырапкершилигине жол қоймаў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылды. «Суў жеткерип бериў хызмети» де шөлкемлестирилди. Сәўбетлесиўимизде дәслеп усы илажларға кеңнен тоқтап өтсеңиз.
– Шынында да, соңғы ўақытларда дүнья жүзи бойынша климаттың өзгерип атырғаны, музлықлардың азайып, дәрьялардағы суўлардың кемейип атырғаны себепли суў жетиспеўшилиги көплеген еллерде бақланбақта. Климаты қурғақ регионда жайласқан Орайлық Азияда, әсиресе, Өзбекстанда бул нәрсе анық сезилмекте. Суўдан мақсетли пайдаланыў регион ушын ең әҳмийетли мәселелерден саналады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-январьдағы ПҚ-5-санлы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы тараўында, атап айтқанда, төменги системасында суўды басқарыў ҳәм есабын жүргизиў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылды.
Президентимиздиң бул қарарында суў ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў, суўдан пайдаланыў мәдениятын жоқарылатыў арқалы халықтың санасында қәлиплескен “суў – тегин” түсинигинен ўаз кешиў мәселеси айрықша келтирип өтилген.
Усы қарар тийкарында барлық районларда “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелериниң жумысы шөлкемлестирилди.
Қарардың 14-бәнтине тийкарланып барлық районларда район ҳәкимлериниң басшылығында хатлаў комиссиялары шөлкемлестирилип, хатлаў нәтийжелерине бола районларда 3771 километрлик хожалықлараралық ҳәм 14 мың 240 километрлик ишки суўғарыў тармақлары анықланды. Бүгинги күнде олардағы қурылмаларды ийелери кесиминде классификациялаў ҳәм идентификациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.
– Суўдан пайдаланыўшыларға суўды жеткерип бериў жумыслары қалай әмелге асырылмақта?
– Өткен 2024-жыл даўамында суўдан пайдаланыўшыларға, жәми 3 млрд. 104 млн. 901 мың м3 суў жеткерип берилген болса, соннан 583 млн. 969 мың м3 суў шор жуўыў, 1 млрд. 414 млн. 751 мың м3 суў халыққа қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын берилген. Районлық “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелери тәрепинен 1 млрд. 106 млн. 180 мың м3 суў муғдарлары салық уйымларына усынылған.
Сондай-ақ, 2024-2025-жылларда суўғарылмайтуғын мәўсимде 6238 тутыныўшы менен шәртнамалар рәсмийлестирилген.
2025-жыл январь-май айларында жәми 1 млрд. 351 млн. м3 суў жумсалып, соннан 466 млн м3 суў шор жуўыў, 653 млн. м3 суў халықтың қыйтақ жерлерине ҳәм 230 млн м3 суў суўғарыў жумысларына жумсалған ҳәм бул бойынша салық уйымларына мағлыўматлар усынылған.
2025-жылғы вегетация дәўири ушын ақырғы тутыныўшылар кесиминде егинлерди суўғарыў ушын суў алыў лимитлери ислеп шығылды ҳәм халық депутатлары районлық Кеңеслериниң қарарлары қабыл етилди.
Усы жылы республикада 49 суў тәмийнаты аўыр аймақлар анықланып, жәми 37 мың 178 гектар майдан, соннан 5 мың 393 гектарын халық қыйтақ жер майданлары қурайды. Бүгинги күнде 49 аймақтағы 118 аўылға жәми 37 мың 191 гектар жер майданларына суў жеткерип берилип, соннан 31 мың 798 гектар фермер хожалығы жерлерине ҳәм 5 мың 393 гектар халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткерип берилди.

– Суў хожалығы тараўына санлы технологияларды енгизиў, энергия үнемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтсеңиз.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-июльдеги ПФ-6024-санлы пәрманына тийкарланып, республикамызда 2024-жылы ирригация тармақларында 28 “Ақыллы суў,” 2 ири суў хожалығы объектин басқарыўды автоматластырыў, 150 дана мелиоративлик бақлаў қудықлары, “Дайвер” қурылмалары орнатылып, министрликтиң серверине интеграцияланды.
Сондай-ақ, тараўды санластырыў шеңберинде 2025-жылы “Халимбек” насос станциясында 3 насос агрегатына 3 “ГИДРОМЕР” АКН-Х маркалы “онлайн” есаплаў қурылмалары орнатылып, жуўмақлаўшы сынақ нәтийжелери бойынша министрликтиң серверине интеграцияланады.
Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 7-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жылдан жаңа система – суўды ҳәм электр энергиясын үнемлеў бойынша айрықша жумыс тәртибин енгизиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип, 2025-жыл суў хожалығында – “Насослар нәтийжелилигин арттырыў жылы” деп белгилеп берилген еди.
Усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда Суў хожалығы министрлиги қурамындағы мәмлекетлик насослар ҳәм кластер, фермер хожалықлары есабындағы насос агрегатларын энергия үнемлейтуғынларына алмастырыў ҳәм насос агрегатларына қуяш панельлерин орнатыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
«Қарақалпақстан» ҳәм «Беруний» насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларының 28 СНПЕ-500/10 насос агрегатлары орнына (ҳәр бирине) 2 ден жәми 56 энергия үнемлеўши “SHIMGE”, “ШНЕК” насосларын орнатыў, 9 (40 кВт) қуяш панельлерин орнатыў белгиленген.
Бүгинги күнде 36 дана “SHIMGE” насосы орнатылып, қалған насосларды биржа арқалы сатып алыў жумыслары даўам етпекте.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2025-жыл 7-февральдағы арнаўлы қарарына тийкарланып ажыратылған 1,5 млрд. сумлық қаржы есабынан 5 дана гөнерген СНПЕ-500/10 маркалы насос агрегатларының орнына Елликқала, Кегейли, Қараөзек, Қанлыкөл ҳәм Нөкис районларының ҳәр биринде 2 данадан жәми 10 дана “SHIMGE” (қуўатлылығы 277 л/с) маркалы насос агрегатларын ҳәм 5 дана Фотоэлектрик панелин (куяш панелин) қурыў белгиленген.
Бүгинги күнде 10 дана “SHIMGE” маркалы насос агрегатлары ҳәм жәми қуўатлылығы 200 кВт болған (ҳәр бири 40 кВт) 5 дана қуяш фотоэлектр панельлери орнатылды.
Сондай-ақ, республикадағы кластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары есабындағы гөнерген ишки насосларды энергия үнемлейтуғынларына алмастырыў бойынша Министрлер Кеңеси тәрепинен 2025-жылғы Реже тастыйықланды.
Оған муўапық кластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары тәрепинен 975 гөнерген насосларды “SHIMGE”, “ШНЕК” энергия үнемлеўши насос агрегатларына алмастырыў белгиленген.
Бүгинги күнде 958 дана энергия үнемлеўши насослар орнатылып, реже 98,3 процентке орынланып, бул жумыслар даўам етпекте.
Республикамыздағы пахта ҳәм ғәлле жетистириўши 713 кластер, фермер хожалықларының 886 насос агрегатлары мүтәжликлери ушын қуяш панельлерин орнатыў бойынша “Агробанк” АКБ менен биргеликте жеңиллетилген кредитлер ажыратыў жумыслары даўам еттирилмекте. Бүгинги күнде 97 дана қуяш панельлери орнатылды.

– Суў шығынларын азайтыў, мәселен, ишки жап ҳәм салмаларды бетонлаў, суўды үнемлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелери қай дәрежеде?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги ПҚ-454-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында 68 млрд. 230 млн. сумлық 39,8 километрлик хожалықлар аралық каналларды бетонлаў ҳәм реконструкциялаў, бетонлаў жумыслары режелестирилген.
2025-жылдың 6 айында хожалықлар аралық каналларда 15,56 километрлик бетонлаў жумыслары ҳәм 59,48 километрлик “Суў жеткерип бериў” мәмлекетлик мәкемеси есабындағы каналларда бетонлаў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, 2025-жылдың 6 айы даўамында эксплуатация қаржылары есабынан 315,3 километрлик хожалықлар аралық каналларды тазалаў, 193 дана гидротехникалық қурылмаларды оңлаў, 103 дана гидропостларды оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, кластер ҳәм фермер хожалықларының 2264 километрлик ишки суўғарыў тармақлары, соның ишинде, 1151,6 километрлик бөлегин механизм жәрдеминде, 1113,1 километрлик бөлегин қол күши жәрдеминде тазалаў, 801 дана гидротехникалық имаратлар, 621 дана суў өлшеў постлары оңланып, 890 фермер хожалықларының суў алыў қулағын үскенелеў жумыслары алып барылды.
Шынында да, дәрьяларда суў муғдарларының жылдан-жылға азайып баратырғаны бар суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларынан пайдаланыўды кеңнен енгизиўди талап етпекте.
2025-жылы жәми 74 мың 890 гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар, соның ишинде, 3900 гектарда тамшылатып, 1900 гектарда жаўынлатып, 600 гектарда дискрет суўғарыў технологияларын енгизиў, 6090 гектарда ийилиўшең қубыр ҳәм 400 гектарда қарыққа плёнка төсеп суўғарыў ҳәм 62 мың гектар майданды лазер үскенеси жәрдеминде тегислеў бойынша прогноз көрсеткишлер тастыйықланып, аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылары кесиминде мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылып, тастыйықланды.
Бул илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде быйыл 356 млн. м3 суў муғдарларының үнемлениўи күтилмекте. Бүгинги күнде “suvkredit.uz” платформасы арқалы 2025-жылдың өними ушын 107 интакердиң 2282 гектарлық ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша жумысты бөлип алып ислеў шәртнамалары рәсмийлестирилди.
Сондай-ақ, 78 интакерге 1 мың 662 гектар жери ушын жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылған болса, 17 интакердиң 422 гектар майданы өз қаржысы есабынан қаржыландырылды. Қаржыландырылған 1 мың 960 гектар майданда қурылыс жумыслары басланды ҳәм 1 мың 803 гектарда қурылыс жумыслары жуўмақланды.
Буннан тысқары, пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўди қәлеген интакерлерден “suvkredit.uz” платформасы арқалы арзалар қабыл етилмекте.
Биз суўшылардың халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткериў мәселеси бәрқулла тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып келген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги ПҚ-330-санлы қарары менен “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы қабыл етилгеннен соң бул бағдардағы жумыслар бойынша анық илажлар белгиленди.

Усы бағдарлама шеңберинде пуқаралар жыйынларында халықтың қыйтақ жерлерин кепилликли суў менен тәмийинлеўге қаратылған 89 жойбар тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Нөкис қаласы ҳәм районларда бир неше объектлерде қурылыс жумыслары жуўмақланып, халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнатының жақсыланыўына ерисилди.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги