“Карьера күни” жаслар ушын үлкен имканият

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм кәсипке бағдарлаў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болып есапланады.
Усы мақсетте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлиги менен биргеликте питкериўши жаслар ушын “Әҳмийетли 90 күн” ҳәм “Келешекке қәдем” бағдарламалары шеңберинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети.
Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген “Карьера күни” жумыссыз жаслар ушын жумысқа орналасыўда үлкен имканиятлар есигин ашты. Жасларға өз қәнигеликлери бойынша жумыс бериўшилер менен тиккелей сөйлесиў, керекли мәсләҳәтлер алыў, сондай-ақ, жумысқа жайласыў ушын керекли мағлыўматлар менен танысыў имканияты жаратылды. Бул ярмаркада питкериўши жаслар менен бир қатарда жумыс бериўши шөлкемлер де белсене қатнасты. Олар өзлериндеги бос жумыс орынларын усыныс етип, талабанлар менен сәўбетлер өткерди.

Шөлкемлестирилген бундай әмелий илажлар жасларымыздың социаллық белсендилигин арттырыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеўге хызмет етип атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Усы арқалы питкериўшилер мийнет базарында өз орнын табыўына тийкар жаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги