Тәкирарый егинлер қосымша дәрамат дәреги

Ҳәзирги күнде жерден үнемли пайдаланыў, әсиресе, ғәлледен босаған майданларда мәўсимлик ҳәм экспортқа жарамлы егинлерди жайластырыў мәмлекет аўыл хожалығының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Усы мақсетте Беруний районындағы “Иззат Жуманиязов” ҳәм “Рейимбай баслық” фермер хожалықлары базасында әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Өзбекстан Фермерлер Кеңесиниң Аўыл хожалығы бөлими баслығы М.Муҳаммадиев, Қарақалпақстан Республикасы Фермерлер Кеңеси қорының баслығы А.Ажимов, сондай-ақ, районда жумыс алып барып атырған ири ҳәм орта фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Илаж даўамында ғәлледен босаған жерлерге тәкирарый егин сыпатында тийкарынан мәш ҳәм палыз өнимлерин егиў мәселелери додаланды. Экспортқа қолайлы ҳәм базарда талап жоқары болған бул егинлер тек ғана халықтың тутыныўын қанаатландырыў емес, ал қосымша дәрамат дәреги сыпатында да әҳмийетке ийе.
Қәнигелер ҳәм тәжирийбели фермерлердиң қатнасыўында өткерилген әмелий илажлар ўақтында жерди агротехникалық талаплар тийкарында қайта ислеў, туқым таңлаў, суўғарыў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша усыныслар берилди. Сондай-ақ, өткерилген семинарда ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм системалы түрде шөлкемлестириў, кешигиўлерге жол қоймаў бойынша анық көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

Мағлыўмат ушын: Беруний районында быйылғы мәўсимде жәми 3017 гектар майданда собықлы, овощ ҳәм палыз егинлерин егиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги