Өз-ара пайдалы бирге ислесиў

430

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине Өзбекстандағы Қытай миллий мәдений орайының директоры Ян Яоюн келди. Сапар шеңберинде университеттиң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов пенен ушырасыў шөлкемлестирилди. Бул ушырасыў еки тәреплеме бирге ислесиў перспективаларын додалаў, жаңа бағдарлар бойынша пикир алысыў ҳәм бирге ислесиўди және де жеделлестириў мақсетинде өткерилди.

Сөйлесиў ўақтында билимлендириў, мәденият ҳәм тил үйретиў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қытай миллий мәдений орайы арасында тиккелей байланыслар орнатыў, жойбарларды жолға қойыў имканиятлары додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар келисимлерге еристи. Әсиресе, келешекте биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, қытай тилин үйретиў курсларын шөлкемлестириў, мәдений илажлар өткериў бағдарында анық режелер белгилеп алынды.

Бул сапар етиў еки халық арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм өз-ара түсинисиў тийкарында раўажланып атырған билимлендириў бағдарындағы бирге ислесиўдиң гезектеги әмелий нәтийжеси сыпатында баҳаланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги