Жаслар – Жаңа Өзбекстанның тийкарғы күши

Елимизде 30-июнь – Жаслар күни тек ғана байрам емес, ал жоқары қәдирлеў күни сыпатында тарийхқа кирмекте. Быйылғы байрам айрықша көтериңки руўхта өтти. Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2025-жыл 30-июнь күни жаслар менен болып өткен ушырасыўда өзиниң шексиз итибарын, меҳирин, ең әҳмийетлиси – исенимин және бир мәрте әмелде көрсетти. Быйылғы ушырасыў – тек ғана қызғын сәўбет емес, ал мәмлекет басшысының жас әўладқа болған жоқары итибары, келешекке болған үмити ҳәм исениминиң ҳақыйқый көриниси болды.”Жаслар бизиң ең үлкен байлығымыз, ең тийкарғы күшимиз,” деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.Мәжилисте Президентимиздиң ашық ҳәм шын кеўилден, жүрек төринен жаңлаған сөзлери ҳәр бир инсанда өзгеше тәсир қалдырды.Ушырасыўда илим, билимлендириў, технология, бәнтлик, социаллық қорғаў, мәденият, сиясий белсендилик ҳәм ўатансүйиўшилик сыяқлы бир қатар тийкарғы бағдарлар жаслар менен биргеликтеги сәўбеттиң тийкарғы мазмунына айланды.
Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен тек ғана сөйлеспеди, оларды тыңлады, машқалаларын жазып алды, орнында шешим усыныс етти. Мине бул жағдай Президент сиясатының орайында инсан – әсиресе, жас әўлад турғанының және бир әмелий дәлили болып есапланады.
Билимли, маман кадр дәрежесине жеткен, заманагөй жаслар – келешегимиз тийкары. Сол себепли ушырасыўдың басында-ақ Президентимиз мектептен баслап жоқары билимлендириўге шекемги системада түпкиликли реформалар алып барылып атырғанын атап өтти. 200 ден аслам жоқары оқыў орны, 300 ден аслам техникум ҳәм колледжлерде жаслар ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Ендиги жағында ИТ, робототехника, жасалма интеллект сыяқлы тараўлар да жаслардың қызығыўшылық майданына айланбақта. Ушырасыўда билимлендириў мәселеси айрықша орында турды. Президентимиз бул бағдарда төмендеги әҳмийетли басламаларды алға қойды: Атап айтқанда, 2026-жылға шекем 500 мыңнан аслам жаслар ушын заманагөй кәсип-өнер орайлары шөлкемлестириледи, 50 ири халықаралық университетлер менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады, Инглис тилин ғалаба ен жайдырыў ушын “Миллий тил сиясаты-2030” бағдарламасына өз алдына бөлим киргизиледи. “Жасларымыз дүнья билимлеринен пайдаланыўы ушын барлық есиклер ашық болыўы керек,” – деди Ш.М.Мирзиёев. Президентимиз реформалар басланған дәслепки күнлерден-ақ “илим – тәрбия – инновация” шынжырын жаратыўға кирисилгенин, бул ҳәрекетлер бүгин анық нәтийжелер берип атырғанын атап өтти. Мәселен, өткен жылы елимиз жаслары топ-500 жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи. Билимли жасларымыз биринши мәрте топ-5 ликтеги жоқары оқыў орынларына кирип, тарийхый нәтийже көрсетти. Бүгинги күнде 30 дан аслам жасларымыз дүньяның топ-10 жоқары оқыў орнында, 500 и топ-100 ҳәм 1 мың 500 и топ-300 ден орын алған абырайлы университетлерде билим алмақта.
Президенттиң бүгинги ушырасыўы алдынғыларынан пүткиллей өзгеше болып, рәсмийликтен жырақ, ашық-айдын сөйлесиў руўхы ҳүким сүрди. Ушырасыўда ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған, илимге, инновацияға, спортқа ҳәм көркем өнерге жақын болған жаслар қатнасты. Олар өз сораўларын ашық айтты, усынысларын берди, машқалаларды ашық сәўлелендирди. Президентимиз болса оларға тек ғана тыңлаўшы емес, ал шешим усыныс етиўши лидер сыпатында мүрәжат етти.
Мәмлекет басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңа басламаға айрықша итибар берди: “Енди жаслар бизиң сиясатымыздың объекти емес, ал субъекти болыўы керек,” – деди мәмлекет басшысы. Бул дегени: Ҳәр бир қарар жаслар менен мәсләҳәтлесип қабыл етиледи, жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламалар жаслардың идеялары менен басламаларына сүйенген ҳалда жүргизиледи, өз күшине исенген лидер жаслар мәмлекетлик басқарыў системасына жедел тартылады. Ушырасыўда жаслар сиясатының жергиликли дәрежедеги орынланыўы да додаланды. Атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшилери жумыс алып барып атырғаны, соңғы жети жылда басқарыў кадрларының қурамы әдеўир жасарып, 40 жасқа шекемги басшылардың үлеси 37 проценттен 65 процентке жеткенлиги, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы арқалы орынларда қәбилетли жаслар анықланып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул арқалы ҳәр бир жасқа индивидуал қатнас ҳәм социаллық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленбекте.
Президентимиз жаслардың экономикалық белсендилигин арттырыў мәселесине де тоқтап өтти. Әсиресе, жумыссызлық ҳәм экономикалық еркинлик мәселелери ҳәр дәўирдиң ең баслы шешимин күтип турған машқаласы екенлиги атап өтилди. Ушырасыўда атап өтилгениндей, 2025-жылдың ақырына шекем кеминде 1 миллион жас жумыс пенен тәмийинленеди. Бул тиккелей мәмлекет кепиллиги астында болыўы қатаң түрде айтып өтилди. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў – мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири. 2025-жылдың ақырына шекем 8000 нан аслам жаңа жойбар иске қосылыўы нәзерде тутылған. Бул жойбарларды әмелге асырыў ушын болса 35 миллиард долларлық инвестиция ҳәрекетке келтириўши күш сыпатында жойбарға қаратылады. Усындай жойбарлар негизинде 300 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған болып, бул болса өз гезегинде жаслардың келешекке болған исенимин және де беккемлейтуғыны сөзсиз. Тек режелер емес, әмелдеги системаның табыслары да еслеп өтилди. Жас исбилерменлеримиз шөлкемлестирген261 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллиард сумнан артты. Бурын бул бағдарда Ташкент қаласы жеке өзи жетекшилик еткен болса, бүгинги күнге келип Ташкент ўәлаяты, Самарқанд, Әндижан, Наманган, Ферғана жасларының бизнестеги нәтийжелери пайтахттан қалыспай атыр. Қарақалпақстан, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Хорезм жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алдынғы аймақларға айланды.
2025-жылдың ақырына шекем 300 мың жас “Жаслар дәптери” тийкарында жеңиллетилген кредитлер менен тәмийинленеди ҳәм сол тийкарда жаңадан “Жаслар бизнес фонды” шөлкемлестирилип, мәмлекетлик бюджет есабынан қаржы ажыратылады. Және де санлы экономикаға байланыслы стартаплар, фрилансерлик ҳәм электрон саўда тараўы раўажландырылады. Бул басламалар жасларда финанслық саўатлылықты, жуўапкершиликти ҳәм еркин пикирлеўди раўажландырады.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаслардың жасаў шараятлары, турақ жай машқаласы, денсаўлығын сақлаў ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў мәселелерине де айрықша тоқтап өтти. Олардан айырымлары, мәселен “Жаслар ушын социаллық үйлер” бағдарламасының кеңейтилиўи, ҳәр бир районда “Жаслар психологиялық орайы” ашылыўы, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ перзентлери ушын арнаўлы грантлар муғдарының асырылыўы бул тараўда қаншелли дәрежеде алға илгерилиўлер болатуғынынан дерек береди. “Жаслардың жүрегиндеги аўырыўларды сезбей турып, сиясат жүргизиў мүмкин емес,” – деди ҳүрметли ел басшымыз.
Ушырасыўда тәрбия, руўхыйлық, жат идеяларға қарсы гүресиў ҳәм диний саўатлылық мәселелери де додаланды. Жаслардың қәлбин ҳәм санасын беккемлеў бағдарында төмендеги бағдарлар белгиленди: Мектеп ҳәм университетлерде “Ойлаў мәденияты” сабақлары енгизиледи; Диний екстремизмге қарсы информациялық-психологиялық иммунитет қәлиплестириледи; Өзбек әдебияты, музыкасы, тарийхый мийрасы тийкарында тәрбия күшейтиледи. Руўхый жетикликтиң тийкары, әлбетте, спорт екенлиги және бир мәрте еслеп өтилип, мәмлекетимиз басшысы жаслардың спорттағы жетискенликлерин де мақтаныш пенен санап өтти. Соның ишинде, өзбекстанлы спортшылар биринши мәрте ФИФА Жәҳән чемпионатына жолламаны алғаны тарийхый ўақыя сыпатында баҳаланды. Соның менен бирге, 2024-жылдың ақырына шекем спорт мектеплериниң саны 2 есеге артқаны ҳәм спорт обектлериниң қамтып алыўы кеңейгенлиги мәлим етилди. “Физикалық саламат, руўхый жетик жаслар – миллет таянышы,” – деп атап өтти Президентимиз.
Быйылғы байрам айрықша көтериңки руўхта өтти. Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаслар менен болып өткен ушырасыўда өзиниң терең итибарын, меҳирин, ең әҳмийетлиси – исенимин және бир мәрте әмелде көрсетти. Ушырасыў шеңберинде қәбилетли, умтылыўшаң, пидайы жаслардың бир топары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Бул – жас әўладқа берилген жоқары баҳа, жасларға, өз перзентлерине әкелерше көрсетилген меҳир, мақтанышлы перзентлерге билдирилген миннетдаршылық белгиси болып есапланады. “Биз жаслардың мийнетин қәдирлеймиз. Олардың ҳәр бир жетискенлиги – халқымыздың мақтанышы,” – дейди мәмлекетимиз басшысы сыйлықларды тапсырыў мәресиминде.
Жасларға итибар мәмлекет көлеминде болғаны сыяқлы, ҳәр бир аймақта, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында да айқын сезилмекте. Быйылғы сыйлықланғанлар қатарында Қарақалпақстаннан шыққан талант ийелери де болып, бул мақтанышлы жағдай болды. Мысал ушын “Келажак бунёдкори” медалы менен Жамшидбек Исмоилов Рашид улы – Төрткүл районындағы “Наўайы” мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси, Надира Абдиганиева Абдиназар қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-басқыш магистранты, сондай ақ Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жас драматурги, сахна устасы Ислам Ешниязов Сапарбаевич Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды. Бул жаслар тек бир ғана мысал. Және де көплеген илимге қуштар, өз тараўының жетик маманы болған бир топар мәмлекетимиз жаслары бул дизимди және де даўам еттиреди. Бул жаслар тек ғана жеке жетискенликлери менен емес, ал жәмийетке, халқына пайда келтирип атырғаны ушын сыйлықланды. Әне, усындай жаслар Жаңа Өзбекстанның тийкарғы күши болып есапланады.
Сыйлық – тек ғана хошамет емес, ал жуўапкершилик. Мәмлекетлик сыйлық – бул тек ғана нышан ямаса медаль емес. Бул – жуўапкершилик, халық исениминиң белгиси. Президентимиз сыйлықты тапсырып атырып, төмендеги сөзлерди мақтаныш, шын жүректен қуўаныў сезимлери менен айтты: “Сизлер көплерге үлги боласыз. Биз сизге қарап мақтанамыз.” Бул сөзлер өз гезегинде сыйлықланған жаслардың кеўлине жуўапкершилик, мақтаныш ҳәм күш-ғайрат бағышлады. Жаңа имканиятларға жол ашты. Әсиресе, Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған жаслар ушын бул – айрықша илҳам дерегине айланыўы сөзсиз. Жаслардың мийнетин көре билиў, қәдирлей билиў – мәмлекетлик сиясаттың тийкары. Быйыл сыйлықланған жаслар – бизге мийнет сүйгишлик, ўатансүйиўшилик ҳәм жақсылық жолында қалай жүриў кереклигин әмелде көрсетти. Олар бүгин жулдыз емес, жолшы жулдыз. “Ҳәр бир сыйлық – миллионлаған жасларға түртки саған да исениледи, сен де ислей аласаң,” деген мазмунды аңлатады.
Бул тарыйхый ушырасыў – тек ғана пикир алысыў емес, ал жаслардың тәғдирине болған жуўапкершилик, меҳир ҳәм стратегиялық көзқарас көриниси болды. Мәмлекетимиз басшысы жаслардың тек ғана тутыныўшы емес, ал реформатор, дөретиўши ҳәм жетекши болыўын қәлейди. Енди гезек жаслардики – имканияттан үнемли пайдаланып, Ўатанның келешегин қурыў гезеги.
Бул ушырасыў тарийх бетинде жаслар сиясатының жаңа басқышы сыпатында жазылады. Онда алға қойылған ҳәр бир пикир, ҳәр бир тапсырма – реформалардың қаншелли турмыслық, халықшыл ҳәм заманагөй екенинен дерек береди. Президент исенимин ақлаў болса ҳәр бир жастың мақтанышлы миннети.
С.Сулайманов,
ҚМУ, Тарийх илимлериниң докторы, профессор.
А.Сaрсенбаева, ҚМУ оқытыўшысы
Қарақалпақстан хабар агентлиги