Жаслар ушын 60 дөгерек жумыс алып бармақта

Беруний районындағы “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге үлкен итибар қаратылмақта. Президентимиздиң “Әҳмийетли 90 күн” бағдарламасы шеңберинде мектепте ҳәр қыйлы дөгеректе турақлы түрде жумыслар алып барылмақта.
Ҳәзирги күнде “Бәркамал әўлад” балалар мектебиндеги 60 дөгеректе 2366 бала қатнасып, өз қәбилетин ҳәм қызығыўшылығын раўажландырмақта.

Дөгереклер арасында шахмат-шашка, жас аспаз, рус тили, шаңарақ мийирбийкеси, флористика ҳәм фауна, зергерлик ҳәм бижутерия, пишиў-тигиў, компьютер графикасы ҳәм дизайн сыяқлы бағдарлар бар. Сондай-ақ, және бир қатар дөгереклер де жаслар хызметинде.
Мектепте жаратылған шараятлар балалардың билим ҳәм қәбилетин көрсетиўине, оларды жаңа кәсиплерге қызықтырыўға кең имканият жаратпақта. Сабақлар тәжирийбели қәнигелер тәрепинен өткериледи ҳәм ҳәр бир балаға айрықша қатнаста болады.

Бул дөгереклер жаслардың дөретиўшилик пикирлеўин раўажландырыў, бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм келешекте қәниге болып жетилисиўине тийкар жаратып бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги