Бирге ислесиўдиң әҳмийети атап өтилди

27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында да тараў ўәкиллериниң қатнасыўында байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Илажда орай директоры В.Бекмуратова барлық журналистлер ҳәм мәлимлеме тараўы хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлап, журналистлердиң жумысының бүгинги жәмийеттеги орны ҳәм әҳмийетин айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, ғалаба хабар қуралларының мийнети арқалы жәмийетте сөз еркинлиги, ашық-айдынлық сыяқлы демократиялық қәдириятлар беккемленбекте. Журналистлердиң мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықты тәмийинлеў, халыққа ҳақыйқый ҳәм оператив мәлимлеме жеткериў бағдарындағы пидайылығы мақтаўға ылайық. Бүгинги күнде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплериниң енгизилиўинде олардың орны айрықша.
Ушырасыў соңында орай менен бирге ислесип, бул жерде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендириўде белсендилик көрсетип киятырған бир топар тараў хызметкерлерине миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги