«Monte» музқаймақларының қарыйдарлары көбеймекте

345

Атайы шарўалар шаңарағында туўылған Генжебайдың балалығы да, жаслығы да мал шарўашылығы арасында өтти.

Университеттиң тарийх факультетин оқып тамамлаған ол, өз қәнигелиги бойынша Шымбай районындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде еки жыл ғана муғаллим болып иследи.

Соңынан ата кәсибин қуўып жигит ағасы Оразбай, Розымбай, Есенбай, Кәримбайлардың жолын тутып, мал шарўашылығы менен айланысты. Мине, соннан берли де 30 жылға шамалас ўақыт өтти. Дәслеп Шымбай, соңынан Нөкис районындағы Есенбай Айтмуратов басшылығындағы «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығында өз тәжирийбесин арттырған Генжебай 2009-жылы «Ювента Нөкис» жуўапкершилиги  шекленген жәмийетин шөлкемлестирип, көтере саўда, кийим-кеншек ислеп шығарыў менен шуғылланды.

Нөкис қаласындағы қараўсыз қалған бурынғы кийим тигиў фабрикасын сатып алып, имаратты ири оңлаўдан шығарды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында Исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел түрде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы Генжебайдай исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли нызам ҳүжжети болды.

-Ҳүрметли Президентимиздиң 213-санлы пәрманы тийкарында,  Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен 2024-жылы «Агробанк»тен 10 млрд сумлық жеңиллетилген кредит алып, Италия ҳәм Польшадан сүтти қайта ислеўши ҳәм оннан 20 түрдеги музқаймақларды ислеп шығаратуғын технологияларды сатып алдық,-дейди Генжебай Айтмуратов.-Соңынан оларды арнаўлы қәнигелердиң жәрдеминде орнатып, усы жылдың май айынан баслап, «Монте» бренди менен ислеп шығара басладық. Ҳәзирги ўақытта бул кәрханада 15 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленип, олар тәрепинен 5 түрдеги музқаймақлар ислеп шығарылмақта.

-2022-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлап, үйде жумыссыз отырған едим,-дейди қадақлаў цехының хызметкери Меҳрибан Халилаева.-Мине, еки айдан берли бул жерде жумыс ислеп атырман. Табысым да жаман емес. Түсте асханада аўқат бериледи. Өзим қатарлы қызлар менен жумыс ислеп атырғанымнан қуўанышлыман. Ең тийкарғысы, бизлер шығарып атырған музқаймақ өниминиң республикамыз бойлап қарыйдары көбейип атырғанынан оғада қуўанамыз.

-Базар ҳәм көшелерде санитариялық жағдайы төмен жерлерде сатылып атырған, сапасына ҳеш қандай кепиллик берилмейтуғын арзан музқаймақларды балаларына сатып алып берип атырған ата-аналарға жаным ашыйды,-дейди Генжебай өз сөзин даўам етип.-Себеби, сүттен таярланған өнимлер ыссы ҳаўа-райына шыдамай, сапасы бузылады ҳәм адамның денсаўлығына өзиниң кери тәсирин көрсетеди. Ал, музқаймақ сатыўшылар болса, алдына ақ коробканы қойып, қәлеген көше бойында күн бойы шыжғырған қуяш астында  сатып отырғанын көрип, бул музқаймақлардың еримейтуғынлығына, сапасының бузылмайтуғынлығына ҳайран қаламыз…

Алдағы ўақытлары музқаймақ түрлерин көбейтип, олардың қурамына қарақалпақ халқының миллийлигин көрсетиўши палыз өнимлеринен қосып, өзлеримиздиң жаңа өнимлеримизди шығарыўды мақсет еткенбиз.

-2025-жылы Нөкис қаласында 2 трлн 259 млрд сум болған, 107 жойбарды иске түсириў ҳәм сол арқалы 2471 жаңа жумыс орынларын жаратыўды режелестирилгенбиз,-дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Адилбек Айбеков.-Соннан бүгинги күнге шекем 773 млрд сумлық 36 жойбар әмелге асырылып, 504 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Шынында да соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Исбилерменлик пенен шуғылланыўшы пуқараларға кең жол ашылып, қала ҳәм аўылларымызда өндирис кәрханалары иске түспекте.

«Монте» музқаймақлары усындай ийгиликли ислердиң айқын көриниси десек болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы