Заманагөй клиника қурылмақта

335

Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм исбилерменликти жедел қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жыл апрель айында қол қойылған 129-санлы Пәрман регионда кең көлемли реформалар ушын тийкар болып хызмет етпекте. Усы ҳүжжет тийкарында Республикамыздың түрли аймақларында бир қатар социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар турмысқа енгизилмекте.

Усындай басламалардан бири сыпатында Беруний районында денсаўлықты сақлаў тараўында сапалы хызметлерди кеңейтиў мақсетинде жеке меншик сектор ўәкили – “Атабек Глобал Фарм” ЖШЖ тәрепинен жаңа заманагөй клиника қурылысы басланды. Жойбар баҳасы 4,5 миллиард сумды қурайтуғын бул жер ушын жер майданы тиккелей ажыратып берилген болып, бүгинги күнде қурылыс жумысларының бир бөлеги жуўмақланған.


Жойбар 2026-жылы толық иске қосылыўы режелестирилген. Ең итибарлысы, бул жаңа мәкеме арқалы жаңа жумыс орынлары жаратылады. Бул болса аймақта бәнтлик дәрежесиниң артыўына, әсиресе, жас қәнигелер ушын жаңа имканиятлар ашылыўына хызмет етеди.

– Халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди мақсет еткенбиз. Клиникамызда стационар ҳәм амбулатор шараятларда емлеў жумыслары алып барылады, – дейди А.Аллаяров исбилерменлер ушын жаратылып берилип атырған имканиятларға миннетдаршылық билдирип.

Президент пәрманы шеңберинде әмелге асырылып атырған бундай жойбарлар Республикамыздың турақлы раўажланыўында әҳмийетли басқыш болып, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы нәтийжели бирге ислесиўдиң айқын үлгиси сыпатында қаралмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги