Бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў қай дәрежеде әмелге асырылмақта?

382

Социаллық тармақлардың биринде «Адолат қаерда тушиб қолди?» («Әдиллик қай жерде қалып қойды?) мақаласы жәрияланып, онда медицина мәкемелеринде бюджет қаржылары есабынан берилетуғын дәри-дәрмақлардың жетиспеўшилиги, тез жәрдем автомашиналарының оғада аз екенлиги, онкологиялық кеселликке шатылған көплеген наўқаслар дәри-дәрмақларды  өзлериниң есабынан сатып алып атырғаны, усындай жағдай туберкулёз бенен аўырған наўқасларға да тийисли болып, олардың 50 проценти дәри-дәрмақларды  өзлериниң есабынан сатып алып атырғаны, усы кеселлик пенен наўқасланған балаларға дәри-дәрмақлардың белгили бир бөлеги жетип турғаны сыяқлы бир қатар сын пикирлер билдирилген.

Усы жыл 18-июнь күни жуўапкер мәкеме басшыларының қатнасыўында Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Онда медицина мәкемелериниң дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўиниң бүгинги жағдайы, автотранспортлар менен тәмийинлениўи, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында қәўипли онкологиялық кеселликлерге шатылған наўқасларды емлеў ушын қолланылатуғын дәри-дәрмақлар Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен Орайласқан фондтыӊ қаржылары есабынан келеди. Ал, қалған дәри-дәрмақлар емлеў диагностика стандартларына тийкарланып, мәмлекетлик бюджет есабынан биржа арқалы сатып алынып, тәмийинленип келинбекте.

Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында туберкулёз кеселлигин емлеў ушын қолланылатуғын биринши гезектеги дәри-дәрмақлар мәмлекет есабынан тәмийинленип, ҳеш қандай үзилиске ушырамайды. Туберкулёз бенен аўырған наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселликлер ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайының дәри-дәрмақлар дизимине кирмеген болса, наўқаслар рецепт тийкарында өзлери сатып алыўы белгиленген.

Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында 2025-жылдың 5 айы даўамында дәри-дәрмақлар, бир мәртелик буйымлар, реактивлер ҳәм дезинфекциялаў үскенелери мәмлекетлик бюджет есабынан тәмийинленип, ҳеш қандай үзилиске ушырамаған. Онкогематологиялық кеселликлерди емлеў ушын қолланылатуғын дәри-дәрмақлар Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен Орайласқан фондтыӊ қаржылары есабынан келеди. Ал, қалған дәри-дәрмақлар емлеў диагностика стандартларына тийкарланып дезинфекциялаўшы үскенелер мәмлекетлик бюджет есабынан биржа арқалы сатып алынып, тәмийинленип келинбекте. Буннан тысқары, наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселликлер ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайының дәри-дәрмақлар дизимине кирмеген болса, наўқаслар рецепт тийкарында өзлери сатып алыўы белгиленген.

Емлеў-профилактика мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар және медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў қәрежетлери 2017-жылға салыстырғанда 5,2 есеге артты. Соның ишинде, дәри-дәрмақларға 2023-жылы 103,3 млрд. сум, 2024-жылы болса 113 млрд. 200 млн. сум қаржы ажыратылды. Буннан тысқары, 2023-жылы орайласқан ҳалда 31 млрд. 721 млн. сумлық дәри-дәрмақлар алынған болса, 2024-жылы бул қаржылар 55 млрд. 120 млн. сумға артып, тийкарғы дәри-дәрмақлар берилген (онкологиялық кеселликлер, гематоонкология ҳ.т.б.).

Ҳәзирги күнде Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы есабында 270 автотранспорт бар. Соннан 176 автотранспорт тез медициналық жәрдем көрсетиўде, қалғанлары санавиация, психиатрия бригадасы ҳәм басқа да медициналық хызметлер ушын пайдаланылады.

2023-2025-жыллар аралығында жәми 100 заманагөй тез медициналық жәрдем транспорты алып келинип, оларға GPS-trekerler ҳәм радио байланыс үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылды.

Тез медициналық жәрдем көрсетиў жумысларын санластырыў бойынша ҳәр бир аймақта «Call-орай»лары шөлкемлестирилди. Барлық шақырыўларды тек усы «Call-орай»лары арқалы қабыллаў,  орайлар тәрепинен шақырыўларды наўқастың жағдайы, кеселлик түри және оның салмақлық дәрежесине қарап категорияға бөлиў ҳәм тийисли медициналық бригадаларды бағдарлаў, тез медициналық жәрдемди район (қала) ямаса аймақтың шегарасына қарап емес, ал наўқасқа шекемги аралықтың жақынлығына қарап көрсетиў жолға қойылды.

Дәри-дәрмақлардың жумсалыўы да система арқалы бақлап барылады. Яғный, дәри өнимлериниң жумсалыўы ҳәзирги ўақытта планшет арқалы Медатта-2 системаға киргизиледи. Яғный ҳәр бир дәри-дәрмақтың жумсалыўы усы система менен қадағалаўға алынған.

Соның менен бирге, тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларына GPS-трекерлер ҳәм радиобайланыс үскенелери орнатылған. Қарақалпақстан Республикасы бойынша 176 тез медициналық жәрдем автотранспортларына GPS ҳәм 155 автотранспортқа радиобайланыс үскенелери орнатылған. Сондай-ақ, 162 тез медициналық жәрдем бригадалары толығы менен планшетлер менен тәмийинленген.

Бүгинги күнге шекем филиалға, жәми 89 заманагөй медициналық тез жәрдем транспорты алып келинип, оларға да GPS-трекерлер ҳәм радиобайланыс үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылды.

– Республикалык балалар көп тармаклы медицина орайы 2025-жылдың 5 айы даўамында дәри-дәрмақлар, бир мәртелик буйымлар, реактивлер ҳәм дезифекциялаўшы буйымлар менен бюджет есабынан тәмийинленип ҳеш қандай үзилиске ушырамады,-дейди орайдың бас шыпакери А.Маткаримова.

Онкогематологиялық кеселликлерди емлеў ушын қолланылатуғын  дәри-дәрмақлардан Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен орайласқан фонд есабынан келеди, ал қалған дәри-дәрмақлар емлеў диагностикалық стандартларға тийкарланып бюджет есабынан биржа арқалы орай тәрепинен сатып алынады.

Буннан тысқары наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселиклер ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайы формулярына кирмеген болса, наўқасларға рецепт тийкарында жазып бериледи.

– Интернет тармағында жәрияланған мақала бойынша айтатуғын болсақ, туберкулёз кеселлигин емлеў ушын қолланылатуғын бир қатар дәри-дәрмақлар орайлық бюджет есабынан тәмийинленип, ҳеш қандай үзилиске түспейди. Туберкулёз кеселлигин емлеў ушын қолланылатуғын екинши ҳәм үшинши қатардағы дәри-дәрмақлар халықаралық Глобал фонд ҳәм «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми тәрепинен толық тәмийинленген. Туберкулёз кеселлиги менен аўырған наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселликлер ушын зәрүр дәри-дәрмақлар республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы формулярына кирмеген болса, наўқасларға рецепт тийкарында жазып бериледи,-дейди Республика фтизиатрия хам пульмонология орайының директоры орынбасары З.Бекбаев.

«Адолат қаерда тушиб қолди?» («Әдиллик қай жерде қалып қойды?) мақаласы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мүнәсибети берилген.

Ашық сәўбетлесиўде қатнасыўшылар берилген мағлыўматлар, жәрияланған мақала, айырым машқалалар бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги