Жуўапкерлерге көрсетпелер берилди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳад Эрманов Нөкис қаласындағы Наўқанбағ ҳәм Ботаника бағы мәкан пуқаралар жыйынларында болып, аймақ турғынларының машқалаларын тыңлады ҳәм мәҳәлле жетилигиниң жумысы менен жақыннан танысты.
Көшпели қабыллаўда пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, бәнтлик, кадастр, коммуналлық тараў, түнги жақтыландырыўларды орнатыў, емлениў ушын материаллық жәрдем ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Ушырасыўда пуқаралардың айырым мәселелери орнында өз шешимин тапқан болса, айырымлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Соның менен бирге, мүддет талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жумысшы топар дүзилип, оларды өз ўақтында көрип шығыў бойынша тараў жуўапкерлерине көрсетпелер берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы